Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында қурылыс индустриясы ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўды раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис басланды.

Күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелерге өтиўден алдын мәмлекетимиз басшысы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў мәселелерине тоқтап өтти.

Президент күни кеше қол қойылған 2 әҳмийетли ҳүжжетке муўапық, усы жылдың өзинде 500 мың, келеси жылы және 1 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыўға қаратылған «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы басланбақта.

ӨзА