Президент Шавкат Мирзиёев 19-сентябрь күни аўыл хожалығындағы реформалардың орынланыўына байланыслы презентация менен танысты.

Мәмлекетимизде бул тараўдың тармақлары көп ҳәм үлкен потенциалға ийе. Соңғы жыллары пахташылық, мийўе-овощ жетистириў, ыссыхана хожалығы, қайта ислеў санааты сыяқлы көплеген бағдарлар нәтийжелилик көзқарасынан реформаланбақта.

Елимизде 136 районда 1 миллион гектардан аслам жерде пахта жетилистириледи. Өнимдарлықты арттырыў мақсетинде быйыл, әдеттегилерге қосымша, 42 перспективалы ҳәм 18 сырт ел сортлары егилген. Атап айтқанда, биринши мәрте Қытай, Ҳиндстан ҳәм Түркиядан алып келинген сортлар дерлик 100 мың гектарда жетистирилмекте.

Сондай-ақ, жаңа тәжирийбелер сыпатында 112 мың гектарға тындырылған туқым, 200 мың гектарға ўәлаятлараралық ҳәм районлараралық сортлар алмасып егилди.

Жуўапкерлер усы жаңалықлардың нәтийжелери ҳәм келеси жылы оны және де кеңейтиў режелери бойынша мәлимлеме берди. Мәмлекетимиз басшысы сырт елден туқым алып келиўде бәсеки орталығын жаратыў, пахта жетистириў агротехникасын да раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти.

Аўыл хожалығындағы өнимдарлық, биринши гезекте, туқымға байланыслы. Бирақ, көп фермерлер туқымлық ушын үстемени аз төлеўди ойлап, төмен сортлы туқым егип атыр. Жаңа туқым сортын сынақтан өткерип, мәмлекетлик реестрге киргизиўге болса 5 жыл кетип атыр. Алдынғы тәжирийбеде дәслепки туқымгершиликти жеке меншик элита хожалықлары әмелге асырады.

Соның ушын сортларды сынақтан өткериўдиң жаңа системасы енгизилиўи белгиленди. Оған бола, 31 элита туқымгершилик хожалығы ҳәм 6 туқым таярлаў цехындағы мәмлекеттиң үлеси ғалаба саўдаларға шығарылады. 46 туқымгершилик кәрханасы бирлестирилип, аймақларда 13 заманагөй кәрхана шөлкемлестириледи. Жаңа туқымлар 2 жылда егиўге енгизиледи.

Тараўдағы және бир үлкен бағдар бағшылық ҳәм жүзимгершилик. Мәмлекетимизде 266 мың гектар бағ ҳәм 132 мың гектар жүзим бағы бар. Бирақ, бул өнимдарлы тәбиятымызға жараса емес. Аймақларда жақсы пайдаланылмай атырған жерлер, бос атызлар бир талай.

Енди бундай жерлерде мийўели бағлар, атап айтқанда, жүзим ҳәм алма бағлары жаратыўдың жаңа системасы енгизиледи.

Яғный, Агросанаатты раўажландырыў агентлиги аймақлардың қәнигелесиўи ҳәм топырақ-климат шараятын инабатқа алып, жойбарлардың техникалық экономикалық тийкарларын ислеп шығады. Жерди таярлаў, нәл алыў, егиў ҳәм суўғарыў системаларын орнатыў ҳәм бағ өнимге киргенге шекем 3 жыл тәрбиялаў ушын жеңилликли кредитлер ажыратылады. Жаңадан шөлкемлестирилген санаатласқан бағларға 100 процент заманагөй суў үнемлеўши технологиялар орнатылады.

Сондай-ақ, бундай жойбарларға жер ажыратыў системасы да өзгерди. Жергиликли ҳәкимлер өнимдарлығы төмен болған жерлердиң орнында бағ жаратыў бойынша усыныс киргизеди. Олар ашық электрон таңлаў тийкарында 30 жыл мүддетке шекем ижараға бериледи.

Президентимиз бағ ҳәм жүзим бағларын санаатласқан тәризде қурыў әҳмийетли екенлигин айтты.

–Тийкарғы мақсетимиз аўыл хожалығын илимий тийкарланған, БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң ең жақсы тәжирийбелерин қолланған ҳалда раўажландырыў, – деди Шавкат Мирзиёев.

Презентацияда ыссыхана хожалықларынан да нәтийжели пайдаланыў, оларды электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм айланыс қаржы менен тәмийинлеў мәселелерине да тоқталып өтилди.

Бүгинги күнде суўды үнемлеў – әҳмийетли мәселе. Аймақларда 732 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданы ишки насос агрегатлары арқалы суўғарылмақта. Олардың 41 процентинде энергиядан пайдаланыў жоқары.

Соның ушын пахта ҳәм ғәлле жетилистириўшилердиң ықтыярындағы насосларды модернизациялаў ушын бир мәртели субсидия ажыратыўды жолға қойыў усынысы билдирилди. Бул арқалы электр энергиясын жумсаў ҳәм суўғарыў ўақтын 60 процентке шекем азайтыў, нәтийжеде өнимниң өзине түсер баҳасын төменлетиўге ерисиледи.

Мәмлекетимиз басышы бул усынысларды мақуллап, оларды жетилистириў бойынша қосымша көрсетпелер берди.

ӨзА