Усы жыл 17-22-июль күнлери аралығында Ҳиндстан мәмлекетиниң Нью-Дели қаласында жаслар арасында спорттың еркин гүрес түри бойынша өткерилген Азия чемпионатында жерлесимиз Набира Есенбаева ҳәм Бахтыгүл Балтаниязовалар табыслы қатнасып, бир гүмис, бир қола медаль менен республикамызға жетип келди.

24-июль күни пайтахтымыздағы республикалық жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде жеңимпаз қызларды салтанатлы күтип алыў мәресими өткерилди.

Оған спорт мектеп жәмәәти, спортшылардың ата-аналары, дослары, устазлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Азияның 13 мәмлекетинен спортшылар қатнасқан чемпионатқа Қарақалпақстаннан 6 қыз қатнасып, соннан Набира Есенбаева 59 киллограм салмақта екинши, Бахтыгүл Балтаниязова болса 65 киллограм салмақта үшинши орынды ийеледи.

– Чемпионатта қарсыласларым ҳиндстанлы, қытайлы ҳәм япониялы спортшылар болды. Азғана әўмет жетиспеди. Еле де өз үстимде көбирек ислеўим керек екенлигин түсинип жеттим, – дейди   Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик  педагогикалық  институтының студенти Набира Есенбаева.

Н.Есенбаева 1998-жылы Нөкис қаласында туўылған. 7 жылдан берли спорттың еркин гүрес түри менен турақлы шуғылланып келмекте. Ол 2015-жылы Ҳиндстан мәмлекетинде  жаслар арасында өткерилген Азия чемпионатында бириншиликти ийеледи. Усы жыл Қырғызстанның Бишкек қаласында ҳаял-қызлар арасында өткерилген Азия чемпионатында екинши орын жеңимпазы болды. Сондай-ақ, ол бир неше мәртебе Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан чемпионы. Набира усы жыл август айында Индонезия мәмлекетиниң Джакарта қаласында өткерилетуғын Азия ойынларына қызғын таярлық көрмекте. Оның нийети усы жарыста бириншиликти ийелеў.

Бахтыгүл Балтаниязова болса, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-басқыш студенти. Ол бир неше мәрте Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан чемпионы болыўға еристи.

Бул еки жас палўан қызлардың усындай жетискенликке ерисиўинде тренери Баҳадир Қәлимбетовтың мийнетлери көп.

Мағлыўмат орнында соны да атап өтпекшимиз, спорт мектептиң спортшысы Тўрабек Тиркашов та 66 киллограм салмақ категориясында  усы Азия чемпионатында гүрестиң грек-рим түри бойынша қатнасып, қола медаль жеңимпазы болды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы