Кеше Ташкент қаласындағы «Жар» стадионында футбол бойынша Азия футбол конфедерациясы Элит чемпионлар лигасының 1-турынан орын алған бир ойын болып өтти.

Онда  мәмлекетимиз чемпионы «Пахтакор» Бирлескен Араб Әмирликлериниң  «Ал-Васл» клубы менен өз-ара күш сынасты. Ушырасыўдың биринши таймында командалар гол урыўға қанша ҳәрекет еткени менен есап ашылмады.

Екинши тайм басларында мийманлар бир неше мәрте қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм 64-минутта «Ал-Васл» футболшысы  Боуфтини өзине мүйештен узатылған топты Владимир Назаров қорғап атырған дәрўазаға басы менен анық жоллаўға еристи.

Ойынның қалған минутларында  «Пахтакор» командасы футболшылары гол урыўға ҳәрекет еткени менен ушырасыўда есап өзгерместен қалды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы