Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Республика санаат тармақлары ушын маман инженер-техник кадрлар таярлаўды буннан былай да жетилистириў, жоқары билимлендириў тараўында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, «Росатом» атом энергиясы бойынша мәмлекетлик корпорациясы, «МИФИ» миллий изертлеў ядро университети» федерал мәмлекетлик автономиялы жоқары билимлендириў мәкемесиниң (Россия Федерациясы) Ташкент қаласында «МИФИ» миллий изертлеў ядро университети» федерал мәмлекетлик автономиялы жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалын (кейинги орынларда «МИФИ» МИЯУ филиалы деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Төмендигилер «МИФИ» МИЯУ филиалы жумысының тийкарғы бағдарлары есаплансын:
ядро энергетикасы ҳәм ыссылық физикасының тармақлық талапларын қанаатландырыў ушын ең әҳмийетли илимий-технологиялық өндирислик ўазыйпаларды шеше алатуғын жоқары қәнигели инженер-техник кадрларды халықаралық билимлендириў стандартлары дәрежесинде таярлаў;
қәнигелер ҳәм илимий кадрлар таярлаў системасын билимлендириў ҳәм илимниң үзликсизлиги ҳәм избе-излиги принципи, сондай-ақ, жәҳән билимлендириў және илимий жәмийетшилигине муўапық тәризде, әлбетте интеграцияластырыў тийкарында раўажландырыў;
ядро физикасы тараўында фундаметаль ҳәм әмелий илимий изертлеўлер өткериў;
инженер-техник кадрлар таярлаў системасын жетилистириўге ҳәм модернизациялаўға бағдарланған жаңа билимлендириў бағдарламаларын және оқытыў түрлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў;
педагогикалық потенциалды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, оқытыўдың педагогикалық усылларын ҳәм технологияларын жедел жетилистириў;
билимлендириў ҳәм илимий-техникалық тараўларда сырт еллердиң жетекши билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий-изертлеў орайлары менен узақ мүддетли қатнасықларды раўажландырыў және беккемлеў;
- «МИФИ» МИЯУ филиалы жоқары билимлендириў мәкемеси – юридикалық шахс статусына ийе болған коммерициялық емес шөлкем тәризиндеги Өзбекстан Республикасы резиденти есапланатуғыны;
«МИФИ» МИЯУ филиалы «МИФИ» миллий изертлеў ядро университети» федерал мәмлекетлик автономиялы жоқары билимлендириў мәкемесиниң (Россия Федерациясы) (кейинги орынларда – бас мәкеме) өз алдына бөлими сыпатында кадрларға болған талапты есапқа алған ҳалда, бас мәкеме менен келисилген оқытыўдың тийкарғы бағларлары (қәнигеликлери) бойынша қәнигеликлер таярлайтуғыны, ҳәм олардың маманлығын арттыратуғыны, соның ишинде, илимий педагог кадрлар таярлайтуғыны;
«МИФИ» МИЯУ филиалы өз жумысын Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асыратуғыны;
«МИФИ» МИЯУ филиалында оқытыў Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик билимлендириў стандартларының талаплары есапқа алынған ҳалда, бас мәкеме тәрепинен тастыйықланған оқыў режелери ҳәм бағдарламалары бойынша әмелге асырылатуғыны;
«МИФИ» МИЯУ филиалының билимлендириў жумысы 2019/2020 оқыў жылынан басланатуғыны;
«МИФИ» МИЯУ филиалына абитуриентлерди қабыллаў ҳәм питкериўшилерди аттестациядан өткериў Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисе отырып, бас мәкеме тәрепинен белгиленетуғын талаплар, тәртиплер менен мүддетлерге муўапық әмелге асырылатуғыны;
«МИФИ» МИЯУ филиалын питкериўшилерге оқыў тамамланғаннан соң бас мәкемениң белгиленген үлгидеги дипломы берилетуғыны ҳәм бул диплом Өзбекстан Республикасында жоқары билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғыны белгилеп қойылсын.
- Бас мәкеме:
оқыў процесине алдынғы педагогика ҳәм информация технологиялары, илим ҳәм техниканың ең жаңа жетискенликлери енгизилиўин;
«МИФИ» МИЯУ филиалы қәнигелериниң маманлығы арттырылыўын ҳәм профессор-оқытыўшылардың қайта таярланыўын;
«МИФИ» МИЯУ филиалы китапхана қорының қәлиплестирилиўи ҳәм заманагөй оқыў, оқыў-методикалық ҳәм илимий-техникалық әдебиятлар менен толықтырылыўын тәмийинлеўге көмеклесетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилер:
«МИФИ» миллий изертлеў ядро университети» федерал мәмлекетлик автономиялы жоқары билимлендириў мәкемесиниң (Россия Федерациясы) Ташкент қаласындағы филиалында қәнигелерди оқытыў ҳәм таярлаўдың тийкарғы бағдарлары (қәнигеликлери) 1-қосымшаға муўапық;
«МИФИ» миллий изертлеў ядро университети» федерал мәмлекетлик автономиялы жоқары билимлендириў мәкемесиниң (Россия Федерациясы) Ташкент қаласындағы филиалы Қәўендерлик кеңесиниң (кейинги орынларда – Қәўендерлик кеңеси) қурамы 2-қосымшаға муўапық;
«МИФИ» миллий изертлеў ядро университети» федерал мәмлекетлик автономиялы жоқары билимлендириў мәкемесиниң (Россия Федерациясы) филиалын Ташкент қаласында шөлкемлестириў бойынша Шөлкемлестириў комиссиясының қурамы 3-қосымшаға муўапық мақуллансын.
- Ташкент қаласы, Мырза Улуғбек районы, Улуғбек посёлкасы, Хуросан көшеси 1-жайда жайласқан қурылысы жуўмақланбаған радиохимиялық комплекс оған тутас аймақлары менен бирге бийғәрез пайдаланыў ҳуқықы тийкарында кейин ала орналастырыў ушын «МИФИ» МИЯУ филиалына берилсин.
- Шөлкемлестириў комиссиясы (А.С.Султанов):
2019-жыл 1-июльге шекемги мүддетте «МИФИ» МИЯУ филиалы имарат ҳәм объектлериниң реконструкцияланыўын, сондай-ақ, «МИФИ» МИЯУ филиалы студентлери ҳәм оқытыўшылары жасаўы ушын жатақхана таярланыўын;
2019-жыл 31-августқа шекемги мүддетте «МИФИ» МИЯУ филиалы орналастырылыўын және оның зәрүр мебель, инвентарьлар, заманагөй оқыў ҳәм лаборатория әсбап-үскенелери, компьютер ҳәм басқа да шөлкемлестириў техника, китапхана қоры менен үскенелениўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте 2019-жылы ҳәм кейинги жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламаларын қәлиплестириўде оларға «МИФИ» МИЯУ филиалының имаратлары менен объектлерин тастыйықланған жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерине муўапық реконструкциялаў, капитал оңлаў және үскенелеў бойынша жойбарларды белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин.
- а) «МИФИ» МИЯУ филиалына қабыллаў квотасы мәпдар министрликлер ҳәм внедомстволардың кадрларға болған талабы есапқа алынған ҳалда, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Атом энергетикасын раўажландырыў агентлиги, бас мәкеме менен келисе отырып таярланған, Өзбекстан Республикасы Экономика министрлигиниң тийкарланған усыныслары бойынша Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқа да мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары менен биргеликте маман кадрларды таярлаўға болған талапты ҳәр жылы таллап баратуғыны және таллаўдың нәтийжелерине бола «МИФИ» МИЯУ филиалына келеси оқыў жылларында билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша студентлерди қабыллаў саны бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизетуғыны;
б) Қәўендерлик кеңесиниң қарарына муўапық «МИФИ» МИЯУ филиалының хызметкерлерине олардың жоқары маманлығы, қәнигелестирилген компьютер комплекслери менен ислесиў көнликпелери ушын «МИФИ» МИЯУ филиалының бюджеттен тыс қаржыларының есабынан жеке үстеме белгилеўи мүмкин екенлиги;
в) «МИФИ» МИЯУ филиалының мәмлекетлик грантлар тийкарында оқыған пиктериўшилери республиканың өндирислик-санаат тармақлары шөлкемлеринде кеминде бес жыл ислеп бериў шәрти менен жумысқа бөлистирилетуғыны;
г) «МИФИ» МИЯУ филиалының жумысы:
«МИФИ» МИЯУ филиалына мәмлекетлик грантлар бойынша қабыл етилетуғын студентлерди оқытыў, сондай-ақ, ядро энергетикасы ҳәм технологияларын раўажландырыў тараўында илимий-изертлеў жумысларын әмелге асырыў ушын Илимлер академиясына Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар;
Қәўендерлик кеңесиниң қарарлары тийкарында қәлиплестирилетуғын пул қаржылары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары және мақсетли төлемлери;
халықаралық финанс институтларының грантлары;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландырылатуғыны;
д) «МИФИ» МИЯУ филиалын шөлкемлестириў, оның материаллық-техникалық ҳәм оқыў базасын қәлиплестириў бойынша шөлкемлестириў-әмелий илажларды қаржыландырыў, соның ишинде, оңлаў-тиклеў жумысларын алып барыў, имаратлары менен объектлерин зәрүр мебель, инвентарь, заманагөй оқыў ҳәм лабораториялық әсбап-үскенелери, компьютер ҳәм басқа да шөлкемлестириў техникасы менен тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламаларын қаржыландырыў қорының қаржылары ҳәм Қәўендерлик кеңеси тәрепинен қәлиплестирлетуғын қаржылар, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны;
е) бас мәкемеден тартылатуғын профессор-оқытыўшылардың хызмет сапары қәрежетлерин төлеў:
30 суткаға шекем болған қысқа мүддетли хызмет сапарлары бойынша – Россия Федерациясының нызам ҳүжжетлери менен жоқары билимлендириў хызметкерлери ушын нәзерде тутылған нормаларға муўапық:
узақ мүддетли хызмет сапарлары бойынша, оқыў процесиниң талапларынан келип шыққан ҳалда, дүзилген шәртнамаларға муўапық әмелге асырылатуғыны;
ж) «МИФИ» МИЯУ филиалын сақлаў ушын бюджеттен ажыратылатуғын қәрежетлер 2019-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң «Маориф» ушын қәрежетлер параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгилеп қойылсын.
- «МИФИ» МИЯУ филиалына оқытыўшылық ҳәм илимий жумыслар ушын шақырылатуғын сырт елли профессор ҳәм оқытыўшылардың жасаў және транспорт қәрежетлерин дүзилетуғын шәртнамалар тийкарында Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын белгиленген тарифлер бойынша төлеўге руқсат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бас мәкеме және «Өзбекнефтьгаз» АЖ менен биргеликте:
бир ай мүддетте белгиленген тәртипте «МИФИ» МИЯУ филиалының шөлкемлестириў ҳүжжетлери ислеп шығылыўы, келисилиўи ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи;
еки ай мүддетте «МИФИ» МИЯУ филиалы шөлкемлестириў структурасының тастыйықланыўын;
2019-жыл 1-августқа шекемги мүддетте «МИФИ» МИЯУ филиалының маман профессор-оқытыўшылар қурамы менен таңлаў тийкарында толықтырылыўын тәмийинленсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «МИФИ» МИЯУ филиалына еки жеңил хызмет автотранспорт қуралын, соның ишинде, бир бириктирилген автотранспорт қуралын сақлаў ушын лимит ажыратсын.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және «МИФИ» МИЯУ филиалының буйыртпаларына муўапық усы қарарды әмелге асырыў көлеминде тартылатуғын сырт елли профессор-оқытыўшылар ҳәм админстративлик хызметкерлер, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзалары ушын кириў визалары консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилмей белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және «МИФИ» МИЯУ филиалының буйыртпаларына муўыпық, сырт елли профессор-оқытыўшылар ҳәм админстративлик хызметкерлер, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзаларына мәмлекетлик бажы өндирилмей, көп мәртелик визалар берилиўи және создырылыўын және олардың Өзбекстан Республикасында ўақытша дизимнен өткерилиўин белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және «МИФИ» МИЯУ филиалының буйыртпаларына муўапық «МИФИ» МИЯУ филиалын шөлкемлестириўге ҳәм оның жумысына қатнасатуғын сырт елли маман қәнигелерди республикаға тартыўға белгиленген тәртипте рухсатнамалар бериўди (создырыўды), сондай-ақ, сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиў ҳуқықына тастыйықнама бериўди (создырыўды) тәмийинлесин.
- «МИФИ» МИЯУ филиалы 2021-жыл 1-январьға шекемги мүддетте «МИФИ» МИЯУ филиалын үскенелеў ҳәм оның жумысын тәмийинлеў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша алып келинетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын оқыў ҳәм илимий лабораториялық әсбап-үскенелери, компьютер техникасы, бағдарламалық өнимлер,оқыў ҳәм илимий-методикалық әдебиятлар, инвентарь ҳәм материаллық-техникалық ресурслары бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – «Өзбекнефтьгаз» АЖ басқармасының баслығы А.С.Султоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 20-июль