Өзбекстан пара спортшылары Францияның Париж қаласында өткен XVII Паралимпиада ойынларында 10 алтын, 9 гүмис ҳәм 7 қола медальды қолға киргизди.

9-сентябрь күни Ислам Каримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында усы абырайлы жарыс жеңимпазларын, сыйлықланғанлар ҳәм қатнасыўшыларды салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти. Сол мүнәсибет пенен бул жерге мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, спортшылар, паралимпиадашыларымыздың ата-аналары, журналистлер жыйналды.

Усы жылғы спорт мәўсиминде Өзбекстан перзентлери абырайлы жарыслар – XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпиада ойынларында дүньяға мәмлекетимиздиң үлкен потенциалын көрсетти. Ата-бабалары уллы миллеттиң әўладлары да уллы ислерге ылайық екенин, елимиз жасларының мәртлик, жигерлилик ҳәм шыдамлылықта, қәбилетте ҳеш кимнен кем емеслигин, керисинше, мине мен деген мәмлекет жасларынан үстин екенин дәлилледи.

Спортшыларымыздың ХХХIII жазғы Олимпиада ойынларында халыққа берген, елдиң қәддин, ар-намысын таўдай көтерген жеңимпазлық мәўритлериниң ҳәўири басылмай турып, және жеңис кейпияты, қуўанышлы мәўритлер жүреклеримизди ийелеп алды.

Өзбекстан паралимпиадашыларының усы абырайлы жарысқа пуқта таярлық көриўинде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң «2024-жыл Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпиада ойынларына Өзбекстан спортшыларын комплексли таярлаў ҳаққында»ғы қарары әҳмийетли бағдарлама болды. Усы қарар тийкарында паралимпиадашыларымыз заманагөй талаплар тийкарында оқыў-шынығыў жыйынларын өткерди, тәжирийбе ҳәм шеберлигин арттырды, Паралимпиада ойынларына жоллама беретуғын абырайлы жарысларға таярланды.

XVII Паралимпиада ойынларында Өзбекстанның 65 пара спортшысы жарысларда Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғап, 26 медальға ийе болды.

Бул көрсеткиш пенен Өзбекстан спорт делегациясы 182 мәмлекет арасында 13, ҒМДА мәмлекетлери арасында екинши, Азия мәмлекетлери ишинде үшинши, Ислам мәмлекетлери ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында биринши орынды ийеледи.

– Балам Паралимпиада ойынларына кетиў алдынан, әлбетте, үшинши алтын медальды қолға киргиземен, деп ўәде берген еди, – дейди Ҳусниддин Норбековтың анасы Норжон Норбекова. – Ол ўәдесиниң үстинен шығып, жүзимизди жарқын етти. Улымның бул тарийхый жеңиси пүткил халқымыздың жеңиси, ғәрезсизлик берген кең имканиятлар, Президентимиздиң пара спортшыларға көрсеткен меҳир ҳәм итибарының нәтийжеси.
































…Мине, асығыслық пенен күтилген демлер – үлкен ҳаўа кемесинен қолларында Ўатанымыз байрағын мақтаныш пенен көтерген спортшыларымыз шығып келмекте. Кернай-сырнай сеслери астында жаслардың «Өзбекстан!» деген бақырысларына үйлесип кетти.

Салтанатлы мәресимде қатнасқан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикери Нуриддин Исмоилов, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры Мансур Оллоёров, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары, сенатор Маҳмуд Тоир ҳәм басқалар паралимпиядашыларымыздың бул жоқары жеңиси халқымызға шексиз жигер бағышлағаны, мәмлекетимизде физикалық имканияты шекленген спортшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған итибар ҳәм ғамқорлығының үлкен нәтийжеси болғанын атап өтти.

Жеңимпаз ҳәм сыйлықланған спортшыларымыздың атынан сөзге шыққан үш мәртебе Паралимпиада ойынлары жеңимпазы Хусниддин Норбеков ҳәм Паралимпиада ойынларында Өзбекстан делегациясы есабына биринши алтын медальды алып берген Асила Мирзаёрова халқымыздың исеними, мәмлекетимиздиң жасларға қаратып атырған жоқары итибары ҳәм ғамқорлығы ушын миннетдаршылық билдирди.

Паралимпиада ойынларының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери, қатнасыўшылары, олардың ата-аналары ҳәм жақынлары үсти ашық автобусқа отырып жолға шықты. Ташкент халықаралық аэропортынан Өзбекстан Миллий паралимпиада комитети имаратына шекем жеңимпаз спортшыларымызды күтип алыў ушын жыйналғанлар оларды қутлықлады: «Бәрекелла, қүдиретли журттың мүнәсип перзентлери! Жеңисиңиз мүбәрек болсын!»

Халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы, физикалық имканияты шекленген жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, материаллық ҳәм руўхый жәрдем бериў, билим алыўы, саламатлығын беккемлеўи, өз қызығыўшылық ҳәм умтылыўына сәйкес кәсип-өнер ийелеўи, спорт пенен шуғылланыўы, халықаралық майданларда ерлигин, ерк-ықрарын, мәртлигин көрсетиўин тәмийинлеў ҳәр қашан итибарда.

Францияның Париж қаласында өткен XVII Паралимпиада ойынларында Өзбекстан спортшыларының жеңиске болған исеними, туўылып өскен Ўатанын жар салып жырлаўға болған умтылысы олар көрсеткен нәтийжелерде айқын көзге тасланды.

Паралимпиада ойынларында мирәт ҳәм күшли пара спортшыларымыздың жеңиси ҳүрметине Өзбекстанның аты, ғәрезсиз мәмлекетимиздиң гимни жаңлады, байрағымыз бәлент желбиреди. Олар ерискен нәтийжелер, рекордлар, қолға киргизген медальлар дүнья жәмийетшилиги тәрепинен кең түрде тән алынбақта.

Ҳәр қандай нәтийже салыстырыўда және де үлкен болып көринеди. 2012-жылы Лондон қаласында өткерилген XIV Паралимпиада ойынларында он пара спортшымыз қатнасып, бир гүмис медальды қолға киргизген еди. 2016-жылғы Рио-де-Жанейро қаласында өткен XV Паралимпиада ойынларында 8 алтын, 6 гүмис, 17 қола, «Токио-2020»да 8 алтын, 5 гүмис ҳәм 6 қола жәми 19 медаль топлаған еди. Өзбекстан пара спортшылары Францияның Париж қаласында өткен XVII Паралимпиада ойынларында 10 алтын, 9 гүмис ҳәм 7 қола медальды қолға киргизди. Аўа, бул жылғы нәтийже өткен Паралимпиада ойынларындағы медальларды сапа бойынша артта қалдырды.

Соныда атап өтиў керек, «Париж-2024» Паралимпиада ойынларында пара жеңил атлетикашымыз, Өзбекстан делегациясы байрақшысы Ҳусниддин Норбеков ядро ылақтырыўда 16,82 метр нәтийже менен алтын медальды қолға киргизип, Паралимпиада ойынларының жаңа рекордын орнатты ҳәм үш мәрте Паралимпиада чемпионына айланды. Шерзод Намозов болса пара дзюдо бойынша алтын медальды қолға киргизип, еки мәрте Паралимпиада чемпионы болды.

Пара атлетимиз Бобур Омонов ядро ылақтырыў бойынша ер жигитлер арасында еки мәрте Паралимпиада чемпионы деп тән алынды. Оның 14,32 метр нәтийжеси болса «Токио-2020» Паралимпиада ойынларындағы өзиниң рекордын да жаңалады.

Пара атлетика бойынша Т11 категориясында ҳаял-қызлар арасында узынлыққа секириў беллесиўлеринде Асила Мирзаёрова 5,24 метр нәтийже көрсетип, Паралимпиада рекорды ҳәм алтын медалына ийе болды. Сондай-ақ, Нурхон Қурбонова найза ылақтырыў беллесиўлеринде 21,12 метр нәтийже көрсетип, жәҳән рекордын жаңалады ҳәм алтын медальға ийе болды. Нурхон бул Паралимпиадада ядро ылақтырыўда қола медалын да қолға киргизди.

Аўа, Паралимпиада ойынларында минберге көтерилген жерлеслеримиздиң ҳәр бири өз алдына тән алыўға мүнәсип.

– Паралимпиада ойынларындағы жеңисимизди ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығына бағышлаймыз, – дейди Асила Мирзаёрова. – Олимпиадашыларымзды күтип алыў мәресимин еситкенимизде оларға шын жүректен ҳәўес еткен, биз де абырайлы жарыста мүнәсип қатнасып, жеңиске ерисемиз, деп нийет еткен едик. Бүгин әне, сол нийетимизге жеткенимизден, бизди де олимпиадашыларымыз сыяқлы үлкен байрам менен күтип алғанынан төбемиз көкке жетти.

Ҳүкимет басшылары, тийисли мәмлекетлик шөлкемлердиң жуўапкерлериниң қатнасыўында Парижде жуўмақланған жазғы Паралимпиада ойынларында табысқа ерискен пара спортшыларымызға Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарарлары тийкарында ақшалай сыйлықлардың сертификаты, Президент саўғалары болған «Chevrolet Tahoe», «BYD Song Plus EV Champion», «BYD Song Plus DM-i Champion» автомобиллериниң гилти ҳәм жайдың гилтлери тапсырылды.

Өзбекстан спортшылары XVII Паралимпиада ойынларында өз шеберлиги, мәртлигин толық көрсетти. Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғады. Спортшыларымыз келешектеги абырайлы жарысларда, атап айтқанда, 2028-жылы АҚШтың Лос Анжелес қаласында болатуғын XVIII Паралимпиада ойынларында буннан-да салмақлы нәтийжелерге ерисетуғынына гүман жоқ.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты баслығы Танзила Норбоева, Президент Администрaциясы департамент баслығы Одил Абдураҳмонов қатнасты.

Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,

Тўлқин РЎЗИЕВ,

ӨзА хабаршылары