Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында Азия Олимпиада кеңеси (АОК) ниң 44-Бас Ассамблеясы өткерилмекте.

Ассамблея күн тәртибине муўапық, шөлкемниң басшылық лаўазымларына сайлаўлар болып өтти. Шөлкемди ўақытша басқарып атырған Ража Рандхир Синх АОК президенти етип сайланды. Сондай-ақ, 5 регионға вице-президентлер даўыс бериў жолы менен анықлап алынды.

Отабек Умаров Өзбекстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан, Иран ҳәм Аўғанстаннан ибарат Орайлық Азия регионы бойынша шөлкем вице-президенти етип сайланды деп хабар бермекте МОК баспасөз хызмети.

Буған шекем Отабек Умаров мүддети қысқа болған дәўир – «Ташкент – 2025» жаслар Азия ойынларын өткериў бойынша вице-президент еди. Бул ўақытқа лаўазым беллесиў жуўмағына шекем әмел етсе, Орайлық Азия регионы бойынша вице-президентлик турақлы характерге ийе ҳәм енди ўатанласларымыз пүткил континентимиздеги 5 регионнан биринде Олимпизмниң раўажланыўына жуўапкер болады.

Отабек Умаровтың соңғы жыллары спорт басқарыўында ерискен табыслары айрықша тән алынып, бүгин және де жуўапкершиликли лаўазымға сайланды ҳәм енди ол пүткил Орайлық Азия регионындағы Олимизм ҳәрекетиниң раўажланыўына жуўапкер болады.

Илажда шығып сөйлеген О.Умаров континентимиз спорты дүньяда және де үлкен тән алыўға ылайық болып атырғаны, буның дәлили ретинде «Париж – 2024» жазғы Олимпиада ойынларында Азияның 4 мәмлекети ТОП-15 ликтен орын алғаны, Президентимиздиң спортты қоллап-қуўатлаўы менен Өзбекстан өз тарийхында ең жақсы нәтийжени қолға киргизгенин айрықша атап өтти. Сондай-ақ, билдирилген исенимди ақлаўға, регионда Олимпизмниң пәк ҳәм ийгиликли идеяларын және де кеңнен үгит-нәсиятлаўға ўәде берди.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА