Ҳүкиметтиң усы жыл 26-августтағы 529-санлы қарары менен ҳаял-қызларға қорғаў ордерин бериў тәртиби жетилистирилмекте.
Ҳүжжет пенен, атап айтқанда, төмендегилер нәзерде тутылмақта:
- зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларға БИМХП арқалы қорғаў ордерин бериў;
- ордерди электрон түрде бериў;
- қорғаў ордерин бериў процесслерин автоматластырыў;
- профилактика инспекторы тәрепинен қорғаў ордерин баслама тәртибинде бериў.
Белгилениўинше, қорғаў ордери профилактика инспекторы тәрепинен зорлық жағдайы яки олардың жүзеге келиў қәўипи анықланған пайыттан баслап 24 саат ишинде бериледи.
БИМХП арқалы қорғаў ордерин рәсмийлестириў ҳәм бериў төлемлерсиз әмелге асырылады.
Сондай-ақ, 1-декабрьден баслап зорлық жағдайлары анықланғанда бир календарь жыл даўамында еки ҳәм оннан аслам мәрте қорғаў ордери профилактика инспекторы тәрепинен оның басламасы менен бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги