Жол ҳәрекетине байланыслы надурыс шығарылған қарар бойынша шағым жоллаў тәртиби аңсатластырылады. Бул ҳаққында Мәмлекетлик хызметлер орайы мәлим етти.
Атап өтилгениндей, ендиген былай жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўы менен байланыслы шығарылған қарар ҳәм хабарнамалар бойынша келиспеўшилигиңизди артықша әўерегершиликсиз ҳәм ҳүжжетлерсиз онлайн билдириўиңиз мүмкин болады.
Буның ушын my.gov.uz порталына кирип (яки мобил қосымша арқалы), «Жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўына байланыслы жағдайлар бойынша шығарылған қарар ҳәм жиберилетуғын хабарнамалар бойынша мүрәжат етиў» хызмети таңланады.
Соң келиспеўшиликти тийкарлайтуғын мағлыўматлар киргизилип, жибериў түймеси басылады.
Бул хызмет ҳәзирде сынақ түринде ислемекте, 1-сентябрьден толық жолға қойылыўы нәзерде тутылған,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги