Президентимиз тәрепинен мәмлекетимиздиң тийкарғы өзеги болған мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў, қала орайларынан баслап алыс аўылларға шекемги аймақларды ҳәр тәреплеме бирдей раўажландырыў, улыўма алғанда, халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Мәҳәлле баслықларының жумысларын жетилистириўде мәлимлеме қураллары, бирден-бир вертикал басқарыў системасын оператив жолға қойыў оғада әҳмийетли болып табылады.
Усы мүнәсибет пенен Хожели районында өткерилген ушырасыўда Өзбекстан мәҳәллелери аccоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов, район ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм райондағы мәҳәлле баслықлары қатнасты.
Илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде өзин-өзи басқарыў уйымларына айрықша итибар қаратылып, мәҳәллениң орны күннен күнге артып бармақта. Елимизде алып барылып атырған реформалар қатарында мәҳәллелерди абат етиў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар бул сөзимиздиң дәлили.
Илаж даўамында райондағы 28 мәҳәлле баслықларына хызмет бабында пайдаланыў ушын заманагөй планшетлер тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги