Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен республикамызда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар бүгинги күни дүнья жәмийетшилигиниң нәзеринде болмақта.
Усы жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде Россия Федерациясы ҳәм Қазақстан Республикасында ҳәрекет етип турған қарақалпақ миллий мәдений орайларының ўәкиллери республикамызға келди. Мийманлар Нөкис халық аралық аэропортында салтанатлы күтип алынды.
Буннан кейин мийманлар, республикамыздағы жәмийетлик шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын Тахтакөпир районына пресс-тур шөлкемлестирилди.
Илаж қатнасыўшылары районның ең шетки Дәўқара аўылындағы Қаратерең көли бойын туристлик орайға айландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Қаратерең әтирапын абаданластырыў жумысларының басланғанына онша көп ўақыт болған жоқ. Жақын күнлерге шекем бул жерлер қараўсыз қалған еди. Қысқа ўақыттың ишинде әмелге асырылған жумыслар мийманларда айрықша тәсир қалдырды.
Ҳақыйқатында да узақ жыллар усы аймақтың халқын өзиниң мазалы балықлары менен бағып келген көлдиң әтирапында қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары көрген көзди қуўандырады. Көлдиң әтирапында 16 заманагөй қара үй, соннан төртеўи ири илажлар, сөйлесиўлер ҳәм әнжуманлар өткериўге мөлшерленген, сондай-ақ ойын майданшалары қурылған. Демек келешекте бул жер ири форумлар, халықаралық әнжуманлар өткериў орнына айланады.
Усы күнлери бул жерде бақлаў майданшасы, Бөршитаўдың үстиндеги тегисликке жол өткериўши қурылма, узынлығы 130, бийиклиги 80, ени 3 метр болған көпир қурылмақта.
Туризмниң қан тамыры есапланған жол мәселеси унамлы шешим тапқан. Мәнзилге шекемги онлаған километр жоллар асфальтланды. Бул объекттиң логистикалық имканиятларын буннан былай да арттырады.
Этнотуристлик комплекстиң қурылысы дәўқаралыларда айрықша мақтаныш ҳәм исеним оятты. Олар тек тамашагөй болып қалмастан, өзлери де бул қайырлы ислерге үлеслерин қоспақта. Себеби олар бул күнлерди узақ күткен еди.
Бул өзгерислер ең дәслеп усы районның халқы ушын дәрамат дәреги болып хызмет етеди.
Көл бойының ҳаўасы жағымлы. Буннан бир ай алдын көлге Ташкент ўәлаятынан алып келинген бир нешше миллион дана шабақ тасланды.
Және бир айта кететуғын нәрсе, 100 километрден соң Қазақстан шегарасы басланады. Бул қоңсылас мәмлекеттен туристлерди тартыўға және бир имканият. Қурылыс жумысларының жуўмақланыўына аз ўақыт қалды. Демек, жақын арада бул жерде миллий қәдирият негизинде қурылған дем алыў орайы дүньяның төрт тәрепинен мийманларды мирәт етеди.
Мийманлар Нөкис қаласында жақында пайдаланыўға тапсырылған IT-паркте, Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалында, “Nukus Eleсtroapparat” биргеликтеги кәрханасында, “Аққуў” комплексинде болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги