Пүткил жер жүзилик алтын кеңеси мағлыўматларына бола, соңғы он жыллықта (2013-2023-жыллар) Россия ҳәм Қытай өз алтын резервлериниң көлемин салмақлы тәризде кеңейтти.
Visual Capitalist мағлыўматларына бола, көрсетилген дәўирде Россия өз резервин 1 035 тоннадан 2 333 тоннаға, Қытай 1 054 тоннадан 2 235 тоннаға арттырған.
Түркия өз резервин 116 тоннадан 540 тоннаға арттырып, күшли үшликке кирди.
Өзбекстанның резерви 10 жыл (2013-2023) даўамында 154 тонна қосылып, 217 тоннадан 371 тоннаға жетти ҳәм мәмлекетимиз алтын резерви көлеминиң артыў пәти бойынша дүньяда 7-орынды ийеледи.
Экспертлер алтынға қызығыўшылық артыўы геосиясий жағдай, санкциялар күшейиўи ҳәм дедолларизация ҳаққындағы гәп-сөзлер ҳәўиж алыўы менен басланбақта. Орайлық банклер алтынды дәраматлылық потенциалына ийе қәўипсиз ҳәм ликвид актив деп баҳаламақта.
Россия ҳәм Қытай алтын жыйнаўға күш берип атырған болса-да, алтынның ең ири резерви АҚШқа тийисли – 8 133 тонна. Америка алтынының ярымы Форт-Нокс (Кентукки штаты) те сақланбақта.
Алтын қорының үлкенлиги бойынша Германия (3 351 тонна) – екинши, Италия (2 452) – үшинши, Россия ҳәм Қытай төртинши ҳәм бесинши орынларда жайласқан, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги