Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 12-августтағы 497-санлы қарары менен Аймақтың мастер-режелерин ислеп шығыў, келисиў ҳәм тастыйықлаў ҳаққындағы реже қабыл етилди.
Президенттиң 2023-жыл 11-сентябрьдеги ПҚ-299-санлы қарарына муўапық, қала қурылысы ҳәм исбилерменлик жумысын әмелге асырыў, аймақлар бөлеклериниң жақын, орта ҳәм узақ мүддетли перспективада аймақлық ҳәм экономикалық раўажланыўды режелестириў ҳәм олардың экономикалық потенциалын әмелге асырыў ушын мастер-режелерди ислеп шығыў системасы енгизилмекте.
Мастер-режелер яки толық режелестириў жойбарлары аймақлардың анық машқалаларын сапластырыўға қаратылған қала қурылысы, социаллық-экономикалық, экологиялық ҳәм басқа жойбарлық шешимлерди өз ишине алады.
Ҳүжжет пенен Аймақ мастер-режесин ислеп шығыў, келисиў ҳәм тастыйықлаў ҳаққындағы реже тастыйықланды. Ол төмендегилерди белгилейди:
- аймақтың мастер-режесин ислеп шығыўға қойылатуғын талаплар;
- мастер-режени келисиў ҳәм тастыйықлаў тәртиби;
- аймақтың мастер-режесин қаржыландырыў дәреклери.
Мастер-реже төмендеги жағдайларда ислеп шығылады:
- аймақтың қала қурылысы ҳүжжетлери болмағанда;
- аймақтың тәбийғый-экономикалық потенциалынан жетерлише пайдаланылмағанда;
- мастер-реже тийкарында бос жер участкасы аукционға қойылғанда;
- аўыл хожалығы, қала қурылысы ҳәм хожалық мақсетиндеги жерлер категориясын өзгертиў бойынша усыныслар таярлаўда.
Толық режелестириў жойбары, қурылыс тараўы ҳәм усы аймақтың дизайн-коды менен бирге ислеп шығылған ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланған мастер-реже қала қурылысы ҳүжжети сыпатында қабыл етиледи.
Қала қурылысы ҳүжжети сыпатында ислеп шығылған мастер-режени тастыйықлаў ўәкиллиги мәмлекетлик уйым тәрпинен әмелге асырылады.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында мәмлекетлик тилде жәрияланған ҳәм 2024-жыл 22-августтан күшке кирген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги