Быйылғы жылғы Ғәрезсизлик байрамында жумыс ҳәптесиниң даўамлылығына қарамастан барлық хызметкерлер избе-из 4 күн дем алады, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Яғный:
- 31-август, шемби — 6 күнликлер ушын қосымша дем алыс күни, 5 күнликлер ушын әдеттеги дем алыс күни;
- 1-сентябр, екшемби — Ғәрезсизлик байрамы;
- 2-сентябр, дүйшемби — ҳәмме ушын дем алыс күни (Мийнет кодексиниң 208-статьясына бола дем алыс күни жумыс ислемейтуғын байрам күнине туўра келген жағдайда, дем алыс күни байрамнан кейинги жумыс күнине көшириледи);
- 3 сентябр, сийшемби — ҳәмме ушын қосымша дем алыс күни.
Мағлыўмат ушын, сентябрь айында 5 күнлик жумыс ҳәптесинде жумыс ислейтуғын хызметкерлер ушын дем алыс күнлери көширилмеген. Яғный, Президенттиң 2023-жыл 22-декабрьдеги ПП-213-санлы Пәрманына бола усы жылдың сентябрь айында 5 күнлик жумыс ҳәптесинде жумыс ислейтуғын хызметкерлер ушын дем алыс күнлери көширилмеген. Әпиўайы етип айтқанда 5 күнлик жумыс ҳәптесинде жумыс ислейтуғын хызметкерлер 7-сентябрь – шемби күни қайта ислеп бермейди.
Сондай-ақ, 30-август жума ҳәр күнлик жумыстың (сменаның) даўамлылығы бир саатқа қысқартылмайды. Жума әдеттеги жумыс күни болады, себеби байрам алды емес. Байрам алды болған шемби болса онсыз да барлық хызметкерлер ушын деп алыс күни.
Қарақалпақстан хабар агентлиги