Хабарыңыз бар, усы жыл 19-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапарын санааттың раўажланыўы менен танысыўдан баслап, “Нөкисэлектроаппарат” кәрханасына да келип ол жердеги жаңа жойбар менен танысқан еди.
Бүгин “Өзэлтехсанаат” ассоциациясы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси менен биргеликте усы кәрханаға журналист ҳәм блогерлер ушын пресс-тур шөлкемлестирди.
Пресс-тур даўамында қәнигелер тәрепинен кәрхана ҳәм ондағы өндирис процесслери туўралы мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, “O‘zelektroapparat-Electroshield” АЖ, “Toshelectroapparat” ЖШЖ сырт ел кәрханасы, “Chirchiq Transformator Zavodi” АЖ, “Nukuselectroapparat” ЖШЖ кәрханалары Өзбекстан Республикасының алдыңғы электротехника өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалары есапланады.
Ҳәзирги күнде бул кәрханалар тәрепинен импорттың орнын басыўшы, заманагөй электротехника өнимлери ҳәм әсбап-үскенелери, атап айтқанда, күшлениўи 220 киловаттқа шекемги бөлистириўши трансформаторлар, 500 киловаттқа шекемги төмен ҳәм жоқары вольтлы электр аппаратлары, 0.4 киловатт болған төмен вольтлы комплектлеўши үскенелер, подстанциялар ҳәм басқа да өнимлерди ислеп шығарады.
“Өзэлектроаппарат” кәрханалары топары тәрепинен соңғы бир неше жыл даўамында әмелге асырылған стратегиялық раўажланыў илажлары нәтийжесинде заманагөй энергия үнемлеўши ҳәм импорттың орнын басыўшы өнимлердиң өндириси системалы ҳәм нәтийжели алып барылмақта.
Раўажландырыў процесинде усындай өнимлерди ислеп шығарыў ушын кәрханалардың барлығы ең алдыңғы заманагөй технологиялар менен үскенеленип, тийисли әсбап-үскенелер орнатылды.
Атап айтқанда, “Өзэлектроаппарат” топары кәрханаларында заманагөй автоматластырылған маркада металларға, пластмассаларға қайта ислеў бериў, металл қурылмаларды қорғаўшы қапламалар қаплаў, электрон платалар ислеп шығарыў ҳәм басқа да комплекслер орнатылды.
Соның ишинде, “Нөкисэлектроаппарат” қоспа кәрханасы 2017-жылы иске түскен. Онда электр энергиясы тармағы ушын күшлениў қурылмалары ислеп шығарылады. Быйыл июнь айында бул жерде 10 миллион доллардан аслам қаржы есабынан қуяш панельлерин жыйнаў бойынша жойбар иске түсирилди. Үскенелер Корея Республикасынан алып келинип орнатылды. Өндирислик процесс 100 процент автоматластырылған. Жойбардың жыллық қуўатлылығы 273 мың дана қуяш панельлерин жыйнаўға мөлшерленген.
Бул кәрхана мәмлекетимизде альтернатив энергиядан пайдаланыў бағдарындағы жумысларда қол келеди. Ҳәзирги күнге шекем мәкемелерде ҳәм хожалықларда 600 мегават қуўатлылыққа ийе қуяш панельлери орнатылған. Бул жумыслар еле даўам етпекте.
Қоспа кәрхана ишки базарда талап жоқары болған өнимди локализациялаў менен бирге 4 миллион долларлық экспорт имканиятына да ийе болды. Бул жерде ҳәзирги ўақытта 70 адам жумыс пенен тәмийинленген.
Пресс-тур даўамында журналистлер жумыс процесслери менен танысып, ол жердеги жумысшылар менен сәўбетлести.
- Мен бул кәрханада 2019-жылдан берли жумыс ислеп атырман. Төрт жыл даўамында мен бул жерде көп нәрселерди үйренип, тәжирийбелерге ийе болдым. Кәрханадағы жумыс процесслериниң барлығы автоматластырылғанлығы себепли жумыс аўыр емес, барлық қолайлықларға ийе. Азанғы саат тоғызда келемен, кешки алтыда қайтаман, айлықлар ўақтында бериледи. Түслик аўқат бериледи, арнаўлы жумыс кийими бар. Президентимиз кәрханамызға келгенде биз бенен сәўбетлести, сорасты, жеке өзим қатты қуўандым. Президентимиз ҳәм Ҳүкимет басшыларынан биз жаслар ушын жаратып берилген мүмкиншиликлер ушын миннетдармыз,-дейди кәрхана жумысшысы Севара Қәлимбетова.
Илаж даўамында журналистлерге кәрхана тармағында ислеп шығарылып атырған өнимлер көрсетилди. Кәрхананың өзинде 125 киловатт қуўатлылыққа ийе қуяш панельлери орнатылған. Оннан алынған электр энергиясы ишки зәрүрликлер ушын жумсалады, аўысып қалғаны аймақлық электр тармағына сатылады екен.
Мағлыўмат ушын, соңғы жылларда елимизде 2 миллиард доллар инвестиция есабынан қуўатлылығы 2,6 гигаваттлық 10 қуяш ҳәм самал станциялары иске түсирилген. Соның менен бирге, улыўма баҳасы 19 миллиард доллар болған 18,6 гигаваттлық 32 “жасыл” жойбар бойынша жумыс алып барылмақта. Улыўма, 2030-жылға шекем энергетика балансында қайта тиклениўши қуўатлылықлар үлесин 40 процентке жеткериў мақсет етилген.
Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги