Нөкисте Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик Траст фонды тәрепинен қоллап-қуўатланатуғын ЮНИСЕФтиң «Қарақалпақстан Республикасының төрт районында климат өзгериўине шыдамлылықты арттырыў ҳәм ең көп жәбир көрген жәмәәтлерди қәўипсиз суў, канализация, гигиена ҳәм денсаўлықты сақлаў хызметлери менен тәмийинлеў» жойбары ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасы ҳәм ФАОның «Аралбойы регионындағы халықтың экологиялық машқалаларды ҳаўаның сапасы, жер ҳәм суў ресурсларын басқарыўда инновациялық қатнаслар арқалы шешиў бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў» биргеликтеги жойбарының презентациясы өткерилди.
Бул жойбарлардың иске қосылыўы Аралбойындағы аўыр экологиялық ҳәм денсаўлықты сақлаў системасындағы машқалаларды шешиўде биргеликтеги ҳәрекетлерде әҳмийетли басқыш болды.
ЮНИСЕФ жойбары Мойнақ, Қоңырат, Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларындағы 15 мыңнан артық халықтың таза ишимлик суўы ҳәм климатқа шыдамлы медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятларын жақсылаўға қаратылған. Сондай-ақ, ол Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм он мәҳәлледе мағлыўматлар тийкарындағы, климатқа шыдамлы суў, санитария ҳәм гигиена шешимлери мониторинги системасын беккемлеў, сондай-ақ, 5 мың 100ден артық бала ҳәм жас өспиримниң инклюзив климатқа шыдамлылығы бойынша билимин арттырыўдан ибарат.
Ҳәзирги дүньяда суў, гигиена, санитариялық хызметлер, сондай-ақ, мектеплер ҳәм денсаўлықты сақлаў орайлары климат өзгериўине шыдамлы болыўы үлкен әҳмийетке ийе. ЮНИСЕФтиң бул бағдарламасы он шетки аймақта суў тазалаў объектлерин реконструкциялаў ҳәм суў тармағын қурыўды нәзерде тутады.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы ҳәм ФАОның биргеликтеги жойбары жергиликли бирге ислесиўшилер ҳәм жәмийетлерге экологиялық қәўипсизлик машқалаларын шешиў ушын зәрүр болған билим ҳәм көнликпелерди арттырыўға қаратылған. Ол ҳаўа, жер ҳәм суўды басқарыў бойынша әмелий шешимлерди ислеп шығыў, жәмийетлердиң климат өзгериўине бейимлесиўи ҳәм оны жумсарта алыўын тәмийинлеўге қаратылған. Буннан тысқары, жойбар шеңберинде регионда суўды тазалаў, тоғайларды тиклеў ҳәм топырақты турақластырыў бойынша жаңа қатнасларды енгизиўге де айрықша итибар қаратылады.
Бағдарлама даўам етип атырған Арал теңизи кризисинен келип шығатуғын Аралбойы регионында көплеген қәўипсизлик машқалаларын шешиў ушын мөлшерленген. Бул қатнас инсан қәўипсизлиги концепциясы менен тығыз байланыслы болып, қоршаған орталық, азық-аўқат ҳәм саламатлық қәўипсизлиги мәселелерин шешиўге айрықша итибар қаратылады.
Буннан тысқары, БМШтың «Инсанға қаратылған, климат шараятына шыдамлы басланғыш медициналық жәрдем ҳәм суў, денсаўлықты сақлаў мәкемелери ҳәм мектеплерде санитариялық ҳәм гигиеналық әмелият ушын тырнақ тасын қойыў» биргеликтеги бағдарламасы Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Қоңырат районлары ҳәм Нөкис қаласындағы денсаўлықты сақлаў тараўында жақсы нәтийжелерге еристи. Бул бағдарламаның тийкарғы жетискенликлери қатарына инновациялық қаржыландырыў механизмине ийе болған жаңа басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем модели енгизилди. Бул денсаўлықты сақлаў системасын беккемледи ҳәм улыўмалық медициналық қамтыўға тийкар салды. 826 дан артық медицина хызметкери өз тәжирийбесин арттырып, 250 мыңға шамалас адам олардың хызметинен пайдаланды.
Қарақалпақстан Республикасында 2020-2024-жылларды қамтып алған жатыр мойны раги скрининги жойбары бул кеселликти ерте анықлаў ҳәм емлеўди жетилистириўге қаратылған еди. 35-55 жастағы жәми 56 мың ҳаял-қыз сынақтан өткерилди. Жойбар шеңберинде 500 ден аслам медицина хызметкери оқытылды ҳәм 8 адам папиллома вирусы (АПВ) тест лабораториясын шөлкемлестирди. Бул болса диагностика ҳәм емлеў имканиятларын сезилерли дәрежеде арттырды. Бул кеселлик анықланған 1 мың 23 ҳаялды өз ўақтында емлеў басланып, өлимге алып келетуғын кеселликтиң раўажланыў алды алынды. Кең көлемли скрининг бағдарламасы 2030-жылға барып 3 мың 265 адамның өмирин сақлап қалыў ҳәм денсаўлықты сақлаў қәрежетлерин 29 миллион АҚШ долларына азайтыў имканиятын береди.
Бул басламалардың табысы ЮНИСЕФ, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, UNFPA, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Глобал жасыл раўажланыў институты сыяқлы бирге ислесиўшилердиң бийбаҳа жәрдеми ҳәм бирге ислесиўиниң нәтийжеси болып есапланады.
2018-жылдың ақырында шөлкемлескенинен берли Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик Траст фонды 16 миллион АҚШ доллары муғдарындағы тоғыз биргеликтеги бағдарламаны қоллап-қуўатлады ҳәм 294 мыңнан артық адам, соның ишинде, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм кекселер ушын пайдалы болды. Бул бағдарламалар аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў, климат өзгериўине бейимлесиў, Аралдың қурыған түбинде биокөптүрлиликти тиклеў, экономикалық ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, Қарақалпақстанда денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириўге хызмет етти.
Даўыт Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги