Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Елимизде илимий ҳәм илимий-техникалық жумысты әмелге асырыў, илимий-техникалық ҳәм инновациялық раўажланыўды тәмийинлеў ушын қолайлы шараятлар жарытыўда бар қаржы ҳәм материаллық ресурслардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда 2014-2018-жылларда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржыларынан илимий-әмелий ҳәм инновациялық жойбарларды және исленбелерди қаржыландырыў ушын дерлик 800 миллиард сум ажыратылып, олардың нәтийжелерине бола илимий-изертлеў ҳәм жоқары оқыў орынлары тәрепинен 700 ден аслам ойлап табыў патентлестирилди.
Соның менен бирге, экономиканың жедел раўажланыўы елимиздеги илимий-техникалық ҳәм жоқары оқыў орынларының илимий ҳәм илимий-техникалық жумысының нәтийжелерин коммерциялаўда қолда бар потенциалдан буннан былай да толық пайдаланыў зәрүрлигин талап етпекте.
Бирақ, илимий ҳәм илимий-техникалық жумыстың нәтийжелеринен әмелде пайдаланыўды таллап қарағанда оларды жаратыў, ҳуқықый қорғаў ҳәм енгизиў процесинде системалы машқалалар бар екенинен дәрек бермекте, атап айтқанда:
бириншиден, соңғы 5 жыл ишинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылған ҳәм патентленген ойлап табыўлар санының жылына 0,5 процентин қурайтуғын коммерциялаў дәрежеси жеткиликли емес;
екиншиден, басып шығарылған илимий мақалалар ҳәм жаратылған интеллектуаллық мүлк объектлериниң саны илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың тийкарғы өлшемлери болып қалмақта, бунда оларды енгизиў нәтийжелери есапқа алынбай атыр;
үшиншиден, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары олардың қарамағындағы илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелери ушын, сондай-ақ, илимий-техникалық бағдарламаларға мәмлекетлик қаржылар жумсалыўының нәтийжелилиги ушын зәрүр жуўапкершиликти көрсетпей атыр;
төртиншиден, илимий изертлеўлерди қаржыландырыўдың, соның ишинде, илимий-әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар менен исленбелерди жүзеге шығарыўда экономиканың реал сектор кәрханаларының қатнасын хошаметлеўдиң нәтийжели қураллары енгизилмеген;
бесиншиден, әмелдеги стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў системасы илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелерин өндириске жеделлик пенен енгизиўди тәмийинлемей атыр.
Жергиликли илимий-әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар және исленбелерди жедел енгизиўди тәмийинлеў, елимиз экономикасының бәсекиге шыдамлылығын күшейтиўде илимниң үлесин арттырыў, сондай-ақ, илимий ҳәм илимий-техникалық жумыстың перспективалы жергиликли жетискенликлерин алға илгерилетиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў мақсетинде:
- Төмендегилер илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң (кейинги орынларда мәкемелер деп аталады) илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелерин коммерциялаў тараўындағы тийкарғы ўазыйпалары етип есаплансын:
республика экономикасының бәсекиге шыдамлылығын буннан былай да арттырыў мақсетинде илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелерин жедел ҳәм кеңнен енгизиў;
илимлераралық байланысларды, соның ишинде, халықаралық илимлераралық байланысларды қәлиплестириў процесслерин хошаметлеў, қоспа бағдарламалар ислеп шығыў ҳәм жәмәәтлерди жаратыў;
илимий ҳәм илимий-техникалық жумысты экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўды раўажландырыўдың анық ўазыйпаларын шешиўге, сондай-ақ, ишки ҳәм сыртқы базарлардың талапларын қанаатландырыўға қаратылған әмелий нәтийжелерди алыўға қаратыў;
жоқары технологиялы өндирислерди жаратыўға хызмет ететуғын жоқары технологияларды ислеп шығыў тараўында инновациялық изертлеўлерди алып барыў;
изертлеўлерди елимизди избе-из раўажландырыў бойынша заман талапларына жуўап беретуғын, коммерциялаў дәрежеси жоқары болған өнимлер менен технологияларды жедел ислеп шығыўға.
- Төмендегилер илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелерин коммерциялаўдың тийкарғы усыллары етип белгиленсин:
илимий ҳәм илимий-техникалық жумыстың нәтийжелеринен пайдалана отырып, жаратылған товарларды (исленген жумысларды, көрсетилген хызметлерди) реализациялаў ямаса усы нәтийжелерден өз зәрүрликлери ушын пайдаланыў;
коммерциялық шөлкемлерди шөлкемлестириў, бунда олардың шөлкемлестириўшилеринен бириниң устав фондына үлеси сыпатында интеллектуаллық мүлк объекти ямаса таяр технологияны киргизген мәкеме (ямаса қәнигелестирилген аффилленген шөлкем) есапланады;
интеллектуаллық мүлк объектлеринен пайдаланыў ҳуқықын лицензия шәртнамаларын дүзиў арқалы, соның ишинде, оларды кейин ала усы ҳуқықларды алыўшы тәрепинен коммерциялаў шәрти менен бериў.
- Министрликлер ҳәм ведомстволар тәрепинен шәртнама тийкарында сатып алыў арқалы коммерцияланатуғын исленбелер дизими қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Қосымшада көрсетилген исленбелерди өз ўақтында коммерцияламағаны себепли ҳәм сапасыз коммерциялағаны ушын оларды енгизиўге жуўап беретуғын шахсларға олардың орташа айлық мийнет ҳақының отыз процентинен артық болмаған муғдарда жәрийма түринде интизамый жаза шаралары қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Инновациялық раўажландырыў министрлиги менен бирге, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2019-жыл ҳәм оннан кейинги жылларға мөлшерленген параметрлерди қәлиплестириўде «Илим» статьясы бойынша ажыратылып атырған қаржылар шеңберинде төмендегилерди әмелге асырыў ушын қаржылардың кеминде 20 проценти қаратылыўын нәзерде тутсын:
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларды, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик илимий кластерлерди жаратыўға, илимий-техникалық изертлеўлерди республика экономикасы тармақларына ҳәм регионларының зәрүрликлерине сәйкеслендириўге қаратылған жойбарларды қаржыландырыў;
илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелерин коммерциялаўға, соның ишинде, бюджет қаржыларын алыўшылардың жумысын тийисли мәсләҳәтшилер тәрепинен экспертизадан өткериў, қоллап-қуўатлаў, халықаралық стандартларға муўапық бизнес-режелерди таярлаўға грантлар ажыратыў.
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясының 2018-жыл 1-октябрьден баслап төмендегилерге қосымша бир мәртелик сыйлықлар енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:
патентленген интеллетуаллық мүлк объектлери авторларына мәкемениң бюджеттен тыс қаржылары есабынан ең кем мийнет ҳақының он есеси муғдарында;
авторлар және илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелерин ислеп шығыўда ҳәм коммерциялаўға қатнасқан илимий жәмәәтке оларды коммерциялаўдан мәкемениң есабына келип түсип атырған қаржылардың тийисли түрде 40 ҳәм 30 проценти муғдарында.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын фундаменталь әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер бойынша мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламаларды орынлаў шеңберинде мәкемелер тәрепинен жаратылған илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелери, мәмлекетлик илимий-техникалық жойбарлар жуўмақланғаннан ҳәм (ямаса) олар белгиленген тәртипте дизимнен өткерилгеннен кейин коммерциялаў лазым екени, фундаменталь изертлеўлердиң нәтийжелери, сондай-ақ, гуманитарлық ҳәм социаллық илимлер тараўында жойбарлар буған кирмейтуғыны;
мәкемелердиң илимий кеңеслери өндиристиң сыры (ноу-хау) яки коммерцияның сыры режиминде илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысларының интеллектуал (материаллық емес) нәтийжесин қорғаў ҳаққында қарар қабыл етиў ҳуқықына ийе екени белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетине илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелерин коммерциялаў ушын турақлы түрде инвестицияларды тартыўды тәмийинлеў жуўапкершилиги жүкленсин.
- Хожалық басқарыў уйымларына ҳәм ири мәмлекетлик кәрханаларға нәтийжесиз ҳәм руўхый ески инфраструктураны алмастырыў, сондай-ақ, қоршаған орталықты патаслаў дәрежесин төменлетиў имканиятын беретуғын жаңа техника ҳәм экологиялық таза технологияларды ислеп шығыў және енгизиўге байланыслы илажларды жедел қаржыландырыў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажландырыў министрлиги:
а) мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте алдыңғы сырт ел тәжирийбесин ҳәм миллий әмелиятты үйрениўдиң нәтийжелери тийкарында төмендегилер тастыйықланыўын нәзерде тутатуғын ҳүкиметлик қарардың жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жаратылған илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелерин коммерциялаўды әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы реже;
коммерцияның сыры режиминде қорғалатуғын интеллектуаллық мүлк объектлерине, соның ишинде, патентлеў имканиятына ийе болған шешимлер ҳәм өндирис сырларына (ноу-хауларға) болған ҳуқықларды дизимнен өткериў ҳәм бериў ҳаққындағы реже;
авторлар және илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелерин ислеп шығыўда ҳәм коммерциялаўға қатнасқан илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий жәмәәтлерине қосымша бир мәртелик сыйлықлаўды төлеў тәртиби ҳаққындағы реже;
б) Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте илимий ҳәм илимий-техникалық жумыстың коммерцияласқан нәтийжелериниң санын тийкарғы өлшемлерден бири сыпатында нәзерде тутқан ҳалда мәкемелердиң нәтийжелилигин баҳалаў критерияларын белгилеў бойынша усынысларды Министрлер Кабинети киргизсин;
в) Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте өндиристе енгизиўге таяр илимий ҳәм илимий-техникалық нәтийжелерди коммерцияластырыў ушын техникалық-экономикалық тийкарларды таярлаўда мәкемелерге көмеклессин.
- Өзбекстан Республикасы Интеллектуаллық мүлк агентлиги Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жаратылған интеллектуаллық мүлк объектлери бойынша информацияның «Инновациялық виртуал ярмаркасы» интерактив Интернет-порталын жаңалаў ушын турақлы тийкарда Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигине усынылыўын тәмийинлесин.
- Инновациялық өнимлерге тийисли мәмлекетлик стандартлар Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң буйыртпаларына муўапық мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары жанындағы стандартластырыў бойынша техникалық комитетлер тәрепинен ислеп шығылатуғыны;
инновациялық өнимлерге байланыслы мәмлекетлик стандартлар келешекте дәстүрий технологиялардың имканиятларынан озып кететуғын басланғыш талаплардан ибарат болыўы ҳәм халықаралық стандартларға ямаса раўажланған сырт еллердиң миллий стандартларына сәйкес келиўи зәрүр екени;
тәжирийбе ҳәм сериялы өндиристи шөлкемлестириў мақсетинде жаңа инновациялық өнимлерге мәмлекетлик стандартларды дизимнен өткериў ҳәм сертификатлар алыўға кеткен қәрежетлер Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан капланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги мәкемелер тәрепинен илимий ҳәм илимий-техникалық жумыстың нәтийжелерин сырт елде коммерциялаўға, сондай-ақ, оларды халықаралық базарларға алып шығыўда дипломатиялық қураллар арқалы көмеклессин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, қала (район) ҳәкимликлери ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы инновациялық идеялар, исленбелер ҳәм технологиялар орайлары менен биргеликте республика илампазларының илимий-әмелий ҳәм инновациялық жойбарлары және исленбелери ушын хожалық жүргизиўши субъектлердиң буйыртпалары портфелин қәлиплестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмуродовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы инновациялық раўажланыў министри И.Ю.Абдураҳмановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 14-июль