Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи Қарақалпақстан Республикасында өткерилгени усы аймақтың раўажланыўында әҳмийетли орын тутатуғыны атап өтилмекте.

Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети баслығы Одилжон Иминов усы ҳаққында пикир билдирди:

– Президентимиздиң исбилерменлер менен бул реттеги ушырасыўы жаңа идея ҳәм басламаларға бай болды. Оларды әмелге асырыў елимизде исбилерменликтиң және де раўажланыўына  хызмет етеди.

Усы  ушырасыў себепли мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға сапарлары да нәтийжели өтти. Сапар даўамында аймақтағы социаллық-экономикалық бағдарламалардың презентациясы менен танысып шыққанын да айтып өтиўимиз керек.

Итибарлысы, соңғы 7 жылда Қарақалпақстан Республикасында 17 триллион 800 миллиард сумлық 6 мың 784 жойбар әмелге асырылған.

Нәтийжеде 56 мың жаңа жумыс орны жаратылған. Усы дәўирде 2 миллиард 815 миллион долларлық экспортқа ерисилген. Быйылғы жылы республикада улыўма баҳасы 874 миллион долларлық 470 жойбар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги күнде бул жумыслардың нәтийжелилиги избе-из даўам еттирилмекте. Бир қатар раўажланған мәмлекетлердиң ири инвесторлары ҳәм жергиликли исбилерменлер тәрепинен улыўма баҳасы 9,5 миллиард долларлық 124 жойбар қәлиплестирилген.

Әне, усы жойбарлардың бир қаншасы мәмлекетимиз басшысына көрсетип өтилди. Жойбарларға Қытай, Саудия Арабстаны, Германия, Россия, Испания сыяқлы мәмлекетлердиң компаниялары инвестиция киргизбекте. Олар энергетика, ыссылық тәмийнаты, таў-кән ҳәм химия санааты, қурылыс материаллары, хызмет көрсетиў ҳәм басқа тармақларды қамтып алған.

Соның ишинде, Саудия Арабстаны менен бирге ислесиўде Нөкис қаласында орайласқан ыссылық тәмийнаты системасын жақсылаў, Испания инвестициясы қатнасыўында Қараөзек районында қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў, германиялы инвесторлар тәрепинен Нөкис районында мысты қайта ислеў ҳәм кабеллер ислеп шығарыў жойбарлары режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерге ҳәр тәреплеме мәдеткар болып, жойбарларды жеделлестириў әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.

Әлбетте, бул перспективалы бағдарламалардың әмелге асырылыўы, биринши гезекте , аймақтың раўажланыўы ҳәм  жергиликли халықтың турмыс дәрежеси және де жақсыланыўына хызмет етеди.

                                                                                                                         ӨзА