Олий Мажлис Сенаты ҳәм Миграция бойынша халықаралық шөлкемниң (МХШ) Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен «Өзбекстанда гендер теңлиги ҳәм инсан ҳуқықларына тийкарланған миграция сиясатын ислеп шығыў» темасында шөлкемлестирилген тренинг өз жумысын баслады.

Тренинг төрт күн даўам етеди. Тренингти шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсет Өзбекстанның миграция стратегиясын ислеп шығыўда Сенат жанында шөлкемлестирилген жумысшы топар ағзаларына халықаралық нормалар ҳәм сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси ҳаққында мағлыўматлар бериўден ибарат, деп мәлимлеме берди сенат.уз

Бул илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 4-апрельдеги «Мийнет миграциясы процесслерин жетилистириў ҳәм сырт елде ўақытша мийнет етиўди әмелге асырып атырған шахсларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманында нәзерде тутылған ўазыйпаларды әмелге асырыўға қаратылғанлығы менен де әҳмийетли болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги