Президентимиздиң 2023-жыл 30-март күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген түрде өткерилген мәжилис протколының орынланыўын тәмийинлеў бойынша өткен дәўир даўамында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Мәмлекетимиз басшысының Аралбойына айрықша итибары ҳәм ғамхорлығы себепли тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 7 пәрман ҳәм қарар тийкарында аймақ халқына, соның ишинде жасларға, исбилерменлерге үлкен имканиятлар жаратылды. Мәҳәллелерде кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды.  Соның ишинде, өткен жылы 452  мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан, жәми 226 миллиард сум қосымша қаржы ажыратылып, кадастры болмаған 43 мыңнан аслам турақ жайдың кадастр ҳүжжетлери таярланды.

Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылдың биринши ярымында жалпы аймақлық өним көлеми 15,7 триллион сумды, өсиў пәти 105,7 процентти қурады. 132 миллион долларлық сырт ел инвестициясы өзлестирилип, оның көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 10,7 есеге артты. Республикада экспорт көлеми 80,2 миллион долларды, экспорт етиўши кәрханалар 141 ди қурады. Алты ай даўамында 68,2 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленип, жумыссызлық дәрежеси 7,1 процентке шекем азайтылды, 7 мың пуқара кәсип-өнерге ҳәм шет тиллерине оқытылды.

Республикада суў тамтарыслығы шараятында суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша жумыслар қадағалаўға алынған. Жәми 35978,7 гектар жер майданынан ҳәзирги күнде 30209,9 гектары суўғарылды. Қалған 5768,8 гектар жер майданы гезекпе-гезек суўғарылып барылмақта. Суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәзирги күнде пахта атызларында жумысты бөлип алып ислеў шәртнамалары рәсмийлестирилген болып, 2 мың 882 гектар майданда тамшылатып суўғарыў ҳәм 214 гектар майданда жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиў жумыслары басланды. Усы жылы 34 мың 586 гектар майданда, соннан 4 мың 21 гектарда тамшылатып, 1 мың 14 гектарда жаўынлатып суўғарыў ҳәм 28 мың 500 гектар майданда лазерли жер тегислегиш жәрдеминде тегислеў жумыслары алып барылды.

«Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў» жойбары шеңберинде 21 қурылыс шәртнамасына қол қойылған болып, қурылыс-монтажлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Соның ишинде, «Бостан» каналы (шығыс бөлими)н қайта тиклеў жумыслары жуўмақланды. Каналды реконструкциялаўда жумысты бөлип алып ислеўши тәрепинен 35,2 километр узынлықта 4 692,1 метр куб көлемдеги топырақ жумыслары орынланды, жаңадан 18 гидротехникалық объект қурылды. Усы күнге шекем шәртнама бойынша нәзерде тутылған 145000 метр куб бетонлаў жумыслары (35,2 км бетон қаплама жайылды) толық жуўмақланды. «Бостан» каналының батыс бөлиминде де кең көлемли қурылыс жумыслары алып барылмақта. Каналда бетонлаў, топырақ жумыслары ҳәм гидротехникалық объектлер қурыў жумыслары даўам етпекте. Ҳәзирги күнге шекем 33,4 км узынлықтағы каналдың 32 км бөлегинде бетон жумыслары жуўмақланды.

Кластер кәрханалары тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалар бойынша дүзилген келисим ҳәм «Жол карталары» тийкарында инвестиция миннетлемелери, жумыстың нәтийжелилиги бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар мониторинг етилип, нәтийже бермеген кластерлердиң жумысын сапластырыў ҳәм жаңасын шөлкемлестириў бойынша комиссияға усыныслар киргизилмекте.

Қарақалпақстан Республикасында жаңа технологиялар тийкарында өндиристи кеңейтиў ушын инвесторларды тартыў мақсетинде  55 инвестиция жойбарлары ислеп шығылды. Бул жойбарларға инвесторларды тартыў бойынша жумыслар даўам етпекте. Нөкис қаласында «KARAKALPAK BASALTWOOL» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен базальт минералынан вата ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылмақта. Жойбарды келеси жылдың декабрь айында иске қосыў режелестирилген.

Қарақалпақстан Республикасында  16 қабатлы турақ жайлар қурыў жумыслары басқышпа-басқыш алып барылмақта. Бул жер майданлары жайласқан массивлерге ишимлик суўы тармақлары ҳәм ишки жоллар қурылысын республика бюджети есабынан, электр энергия тәмийнаты  жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклериниң қаржылары есабынан әмелге асырылмақта. «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде 120 квартирадан ибарат 4, исбилерменлер тәрепинен 114 квартиралы 3 турақ жай пайдаланыўға тапсырылды.

Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўындағы «А-380 «Ғузор-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 673-698 км (25 км) бөлегин реконструкциялаў» жойбары бойынша тендер процесслери жуўмақланды. Бул жойбар 2023-2025-жылларға мөлшерленген инвестиция бағдарламасының мәнзилли дизимине киргизилди ҳәм әмелге асырыў мүддети 2024-2026-жылларға белгиленди. «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде 8,9 миллион түп саяманлы ҳәм мийўели тереклер егилди, 8 ири санаат кәрханасы әтирапында «жасыл белбеў»лер шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, климат өзгериўиниң унамсыз тәсириниң алдын алыў, шөллениў, қурғақшылық, шаң-қум боранлары ҳәм температураның көтерилиўине қарсы илаж сыпатында 112,5  мың гектар «жасыл капламалар» – қорғаў тоғайлықлары қурылды.

Президентимиздиң 2022-жыл 2-февральдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңбери де кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Нөкис қаласы ҳәм Бозатаў районында мәденият ҳәм көркем өнер бағдары бойынша өткерилген «Жаслар ҳаўазы» Бозатаў F3!5 фестивалында мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан келген қәбилетли жаслар бақсышылық, дәстүрий атқарыў, опера ҳәм эстрада сыяқлы бағдарларда өз шеберлигин көрсетти. Мойнақ районында «Rally Muynak – 2024» жарысы, Тахтакөпир районында «Арал балықларынан 99  түрли тағамлар» гастрономиялық халықаралық фестивалы, «Аббаз ҳаўазы-Қаратерең ырғақлары» фольклор фестивалы ҳәм басқа да көплеген илажлар өткерилди. Президентимиздиң «Белгили қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылған күниниң 200 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары қарақалпақ әдебиятына айрықша ҳүрмет, ғамхорлықтың әмелдеги үлгиси болды.















































Мәмлекетимизде, соның ишинде, Аралбойында әмелге асырылып атырған избе-из реформалар, системалы илажлар халықтың абаданлығын және де арттырыў, турмыс тәризин жоқарылатыўға хызмет етпекте.

Даўыт Абибуллаев,

Мақсет Ҳабибуллаев (сүўрет),

Қарақалпақстан хабар агентлиги