Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Республикада ҳәр жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тастыйықланатуғын бағдарламаларды әмелге асырыў, бос ҳәм квоталанатуғын жумыс орынларына жумысқа жайластырыў механизмлерин жетилистириў, өзин-өзи бәнт етиўдиң нәтийжели түрлерин раўажландырыў бағдарында тәсиршең илажлар көрилмекте.

Халықтың исшеңлик белсендилигин ҳәм исбилерменлик басламаларын хошаметлеўге, жәмийеттеги әззи қатламлардың бәнтлигин тәмийинлеўге, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятын, сапасын ҳәм тезлигин арттырыўға қаратылған бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Соған қарамастан, аймақлардағы мийнет базарында елеге шекем жоқары дәрежеде кескинлик сақланып қалмақта, турақлы жумыс орынларын шөлкемлестириў, жаслардың, ҳаял-қызлардың, кем тәмийинленген шаңарақлар ағзаларының бәнтлигин, әсиресе, аўыллық жерлерде тәмийинлеў, сондай-ақ, сыртқы мийнет миграциясы процесслерин тәртипке салыў мәселелери шешилмей атыр.

Жумысқа жайластырыў тараўында халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын кредит, қаржылай, мәсләҳәт-мәлимлеме бериў хызметлери ҳәм басқа да зәрүр хызметлердиң дәрежеси төменлигинше қалмақта.

Өндирис кадрлары көбинше экономика тармақларының ҳәзирги ҳәм келешектеги талапларын, олардың имканиятларын ҳәм ресурсларын есапқа алмаған ҳалда кәсипке таярланбақта ҳәм қайта таярланбақта.

Ақыбетинде мийнет базарында айырым қәнигеликлер бойынша маман кадрлардың жетиспеўшилиги бақланбақта.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тиийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўын, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик уйымлар жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, халықты жумыс ислеўге тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестиретуғын исбилерменлик субъектлериниң жумысын хошаметлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги тәрепинен ислеп шығылған Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумысларды жетилистириў ҳәм нәтийжелилилин арттырыўға байланыслы «Жол картасы» қосымшаға муўапық мақуллансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры (кейинги орынларда Бәнтликке көмеклесиў қоры деп аталады) ушын 2018-жылы Республика бюджетине қосымша түсимлер есабына 150 миллиард сум ажыратылатуғыны, 2019-жылдан баслап болса бюджет параметрлеринде 300 миллиард сумнан аз болмаған муғдарда қосымша қаржыларды ажыратыў нәзерде тутылатуғыны;

2018-жыл 15-июльден баслап Мийнет уйымлары хызметкерлериниң мийнетин хошаметлеў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў қоры (кейинги орынларда – Мийнетти хошаметлеў қоры) қаржыларын қәлиплестириў дәреклери Бәнтликке көмеклесиў қорының Мийнетти хошаметлеў қорына ажыратпалары көлемлериниң  5 процентинен 10 процентине шекем арттырыўы есабынан кеңейтилетуғыны;

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары қорлар қаржыларының бос қалдықларын коммерциялық банклердеги дипозитлерге жайластырыўдан түсетуғын 50 процент муғдардағы дәраматлар Мийнетти хошаметлеў қорына бағдарланатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң мәмлекетлик мәкемелер түринде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанында жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди хошаметлеў аймақлық қорларын (кейинги орынларда – аймақлық қорлар) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Төмендегилер аймақлық қорлардың қаржыларын қәлиплестиретуғын дәреклер етип белгиленсин:

Қарақалпақстан Республикасының бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлери дәраматларының прогноз параметрлерин арттырып орынлаўдан ҳәр айда түсетуғын 40 процентине шекемги муғдардағы дәраматлар;

жергиликли, сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң грантлары және бийғәрез жәрдеми;

қәўендерлик ететуғынлар – физикалық ҳәм юридикалық шахслар, Өзбекстан Республикасы резидентлериниң ҳәм   резидент емеслериниң белгиленген тәртипте усынылатуғын қаржылары;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Төмендегилер аймақлық қорлардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

әсиресе, аўыллық жерлерде турақлы жумыс орынларын шөлкемлестиретуғын исбилерменлик субъектлерин кредитлер менен қоллап-қуўатлаў ушын республиканың коммерциялық банклеринде кредит линияларын ашыў;

жумысшы күши көп болған аймақларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында, әсиресе, халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламлары ушын жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын кәрханаларды шөлкемлестириў, онда аймақлық қорлардың шөлкемлестирилген кәрханалардағы үлесин жеке меншик шериклерге кейин ала реализациялаў шәртин нәзерде тутыў;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң қарарлары бойынша жумыс орынларын шөлкемлестириўге және халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған басқа да илажларды әмелге асырыў.

  1. Аймақлық қорлардың дәрамат бөлеги бойынша барлық түрдеги салықлар ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпалар төлеўден азат етилсин, босап қалған қаржылар аймақлық қорлардың тийкарғы ўазыйпаларын әмелге асырыўға бағдарлансын.

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте аймақлық қордың жаңа үлгидеги уставы тастыйықланыўын тәмийинлесин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте аймақлық қорлардың уставларын тастыйықланған жаңа үлгидеги устав тийкарында тастыйықласын.

  1. а) усы қарардың 2 ҳәм 3-бәнтлерине муўапық қәлиплестирилетуғын Бәнтликке көмеклесиў қорына Республика бюджетинен ажыратылатуғын қаржылардың кеминде 50 проценти ҳәм аймақлық қорлардың қаржыларына тийкарланып «Микрокредитбанк» АКБ, «Агробанк» АКБ ҳәм Халық банки АКБ да кредит линияларын ашыў ҳәм кейин ала усы банклер тәрепинен республика районларында ҳәм қалаларында жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын киши ҳәм мини-жойбарларды әмелге асырыў ушын микрокредитлер ажыратыў мақсетинде бағдарланатуғыны;

б) микрокредитлер киши исбилерменлик субъектлерине, фермер ҳәм дийқан хожалықларына, шаңарақлық исбилерменлик субъектлерине төмендегилер ушын ажыратылатуғыны:

жеке меншик қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалықларында өндиристи раўажландырыў мақсетинде ыссыханалар шөлкемлестириў, туқымлықлар, нәллер, қара маллар ҳәм қуслар, аўыл хожалығы инвентары ҳәм үскенелери, суўғарыў үскенелери (насослар, артезиан қудықлар ҳәм басқалар) сатып алыў;

аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, сақлаў ҳәм қадақлаў, қурылыс материаллары, азық-аўқат ҳәм азық-аўқат емес тутыныў товарларын ислеп шығарыў ушын заманагөй мини-үскене ҳәм шийки зат сатып алыў;

хызмет көрсетиў тараўында, әсиресе, турмыслық, оңлаў, билимлендириў, медицина, мәлимлеме-коммуникация ҳәм басқа да талап жоқары болған тараўларда жумыс көрсететуғын кәрханаларды шөлкемлестириў ҳәм үскенелеў;

аўыллық жерлерде, әсиресе, ҳаял-қызлар арасында жумысты үйге алып ислеўди раўажландырыў;

район ҳәм қалалардың өндирислик қәнигелесиўи, бар минерал шийки зат, жер, аўыл хожалығы ҳәм басқа да ресурсларды есапқа алған ҳалда басқа бағдарлар;

в) микрокредитлер ең кем мийнет ҳақының 500 есесине шекем болған муғдарда 3 жыллық мүддетке, 6 айлық жеңилликли дәўир менен, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки қайта қаржыландырыў ставкасының 50 проценти муғдарындағы процент ставкасы, соның ишинде, коммерциялық банктиң ажыратылатуғын кредит ставкасының 50 проценти муғдарындағы маржа менен усынылатуғыны белгилеп қойылсын.

Онда микрокредитлер халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларында дизимге алынған жумыссыз шахсларға, мийнет миграциясынан қайтқан пуқараларға, турмысында аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, кем тәмийинленген шаңарақлардың ағзаларына ҳәм халықтың басқа да социаллық жәрдемге мүтәж қатламларына гиреў тәмийинатысыз ең кем  мийнет ҳақының 100 есеси муғдарынан артпаған көлемде ажыратылыўы мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнттиң «в» киши бәнтиниң екинши абзацында нәзерде тутылған микрокредитлерди ажыратыў тәртибин тастыйықласын.

  1. Аўыллық жерлерде, буған халықтың саны 5 мың адамнан көп болған елатлы пунктлер кирмейди, шаштәрезхана хызметлерин, жеке тәртиптеги буйыртпалар бойынша кийим тигиў хызметлерин, аяқ-кийим оңлаў хызметлерин көрсетиў бойынша жумысты шөлкемлестирген, сондай-ақ, жәмийетлик моншаларды шөлкемлестирген жеке тәртиптеги исбилерменлер 2023-жыл 1-июльге шекем барлық түрдеги салықларды төлеўден азат етилетуғыны;

жеке  тәртиптеги  исбилерменлер  ҳәр  бир  жалланған  хызметкерге  төленетуғын  қатаң  белгиленген  салықты  төлеўден  азат  етилетуғыны;

юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда шаңарақлық исбилерменлик субъектлери 3 адамға шекем турақлы жумысшыларды жаллаўға, олар менен мийнет шәртнамасын дүзиўге, сондай-ақ, мийнетке жарамлы жасқа толған басқа да жақын ағайинлерин, соның ишинде,  мийнетке жарамлы жасқа толған балаларын ҳәм ақлықларын ерли-зайыпларды, мийнетке жарамлы жасқа толған аға-инилерин ҳәм апа-сиңлилерин, олардың ерли-зайыпларын юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда шаңарақлық исбилерменлик субъектиниң қатнасыўшылары сыпатында тартыўға ҳақылы екенлиги;

усы қарардың  6-бәнтине муўапық биринши мәрте микрокредит алған жеке тәртиптеги исбилерменлер оны алған сәнеден баслап  6 ай даўамында қатаң белгиленген салық төлеўден азат етилетуғыны;

жеке тәртиптеги исбилерменлер 3 тоннадан артық жүк көтеретуғын автомобиль транспортында жүклерди ең кем мийнет ҳақының 2 есеси муғдарындағы ставка бойынша тасыў хызметлеринен ҳәр айда алынатуғын қатаң белгиленген салық төлейтуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қаржы министрлиги 2018-жыл 1-августтан баслап Бәнтликке көмеклесиў қаржылары есабынан төмендегилерге бир мәртелик субсидиялар берилиўин нәзерде тутатуғын жумыссызлық бойынша қамсызландырыў системасын енгизсин:

халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларында дизимнен өткен ҳәм исбилерменлик жумысын баслаўды қәлеўши жумыссыз шахсларға жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында дизимнен өтиў. киши кәрханаларды ҳәм микрофирмаларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын қәрежетлерди ең кем мийнет ҳақының 2 есеси муғдарында төлеў;

халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламларына тийисли шахсларды, соның ишинде, майыплығы болған шахсларды резервленген (квоталанған) ең аз саннан артық  болған муғдарда жумысқа қабыл еткен шөлкемлерге – ҳәр бир қабыл етилген хызметкер ушын ҳәр айда ең кем мийнет ҳақының 2 есеси муғдарында төлеў. Онда жумысқа қабыл етилген усы категориядағы шахслардың бәнтлигин ең аз сан (квота) артқан сәнеден баслап кеминде 12 ай даўамында сақлаў шәрти нәзерде тутылады;

жумыс бериўшилерге – халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларының жолламасы бойынша жумысқа қабыл етилген халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламларына тийисли хызметкерлерди. соның ишинде, майыплығы болған шахсларды кәсипке қайта оқытыў ҳәм олардың маманлығын арттырыўға жумсалатуғын қәрежетлерди қаржыландырыўға ҳәр бир хызметкер ушын ең кем мийнет ҳақының 3 есеси муғдарында төлеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги:

халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларында дизимнен өткен жумыссыз шахсларды, әсиресе, кем тәмийинленген шаңарақларда жасайтуғын ҳаял-қызларды кәсипке қайта оқытыўға жумсалатуғын қәрежетлерди қаржыландырыў ушын Бәнтликке көмеклесиў қорынан кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелерине грантлар ажыратылыўын;

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2018/2019 оқыў жылынан баслап улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде жоқары класс оқыўшылары ушын олар ийелеўди қәлеген кәсиплердиң тийкарғы өзгешеликлерин ҳәм кәсиплик стандартларын сыпатлайтуғын мультмедиа қураллары менен үскенеленген ситуациялық бөлмелерди шөлкемлестирген ҳалда кәсипке бағдарлаў курсларын өткериўди нәзерде тутатуғын кәсипке бағдарлаў бағдарламасын енгизиў мәселеси ислеп шығылыўын;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте 2018-жыл 1-сентябрьден баслап социаллық-экономикалық раўажландырыў секторлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары басшыларының тастыйықлайтуғын мағлыўматлары ҳәм пуқаралардың арзалары тийкарында жеке меншик қыйтақ жер хожалықларында жумыс ислейтуғын пуқараларды бәнт болған шахс сыпатында есапқа алыў механизми енгизилиўин;

халық ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында, соның ишинде, ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мазмун-мәнисиниң кеңнен түсиндирилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Бас министрдиң орынбасары – Өзбекстан Республикасының қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Ш.Д.Кудбиевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 14-июль