Ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилип келинетуғын “Исбилермен ҳаял” таңлаўының районлық басқышлары даўам етпекте. Таңлаўдың Қанлыкөл районлық басқышында райондағы 10 ға шамалас исбилермен, фермер ҳәм өнермент ҳаял-қызлар өзлериниң өнимлери менен қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар мәмлекетимизде исбилерменлик тараўын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар, ӨзЛиДеП партиясының Сайлаўалды бағдарламасында белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў, мәмлекетимиз экономикасы, киши бизнес ҳәм жеке меншик сектордың раўажланыўында исбилермен ҳәм фермер ҳаял-қызлардың қосып атырған үлеслери, исбилермен ҳаялларға жаңалық ашыўда усы таңлаўдың әҳмийети бойынша кең түрде мағлыўматлар берип, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Таңлаўда төрешилер комиссиясы тәрепинен ең мүнәсип деп табылған исбилермен ҳаял-қызлар таңлап алынды.
Таңлаў жуўмағында биринши орынды “Дәмехан Зулфия” ЖШЖ басшысы О.Пирниязова ийеледи ҳәм таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына қатнасыў ҳуқықына ийе болды. Ал, “Қурбанов Рустембай” шаңарақлық кәрханасы басшысы Қ.Еримбетова екинши, өнермент Б.Салтанатова үшинши орынды ийеледи.
– Мен көп ўақыттан берли тигиўшилик ҳәм кесте тоқыў менен шуғылланып келемен. Бүгинги күнде “Дәмехан Зулфия” ЖШЖ да 7 ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Тигиўшилик цехымызда қызларымыз қарақалпақ халқының ҳәр қыйлы миллий нағыслары түсирилген тақыя, басқа да бас кийимлер, сарпай, ықшам миллий нағыслар түсирилген көйлеклерди қарыйдар талабынан келип шығып буйыртпа тийкарында тигип береди. Бундай таңлаўлардың биз исбилерменлерге өз үстимизде ислеўге, излениўге, бир-биримиз бенен тәжирийбе алмасыўда орны айрықша,-дейди исбилермен О.Пирниязова
Жеңимпазларға ҳәм белсене қатнасқан ҳаял-қызларға партияның районлық Кеңеси тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Таңлаўдың районлық басқышлары Елликқала, Төрткүл ҳәм Тақыятас районларында да болып өтти.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги