Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 31-майдағы «Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, қоршаған-орталыққа тәсирди баҳалаў тараўын санластырыў ҳәм ашықлық системасын жаратыў бойынша керекли илажлар белгилеп берилген.

Оған бола, режелестирилип атырған яки әмелге асырылып атырған жумысының қоршаған-орталыққа тәсирин баҳалаў ушын көрсетилетуғын жойбарлардың ситуациялық карталарын тастыйықлаў механизми тийисли тәртипте әмелге асырылады.

Мәмлекетлик экологиялық экспертизасы орайы мәлимлеме хызмети басшысы Шаҳзода Акрамованың мағлыўматларына бола, буйыртпашы тәрепинен жойбар ҳүжжетлери мәмлекетлик экологиялық экспертизасы орайының eco-service.uz бағдарламасы арқалы электрон киргизилгенинен соң арза қәлиплестириледи ҳәм бағдарлама арқалы автоматластырылған түрде районлық (қала) инспекция бөлими баслығы ҳәм жуўапкер инспекторлардың профилине жибериледи.

Районлық (қала) Экологиялық инспекция бөлими баслығы ҳәм инспекторлары eco-service.uz бағдарламасына электрон санлы қолтаңбасы арқалы киреди ҳәм ситуациялық карталарды көрип шығады. Инспекторлар ситуациялық картадағы белгиленген объект жайласқан аймаққа шығып, объекттиң географиялық координаталары, рекреация зоналары, халықтың жасаў орынлары, суў ҳәм газ қубырлары сыяқлы мағлыўматлар ситуациялық карта сәйкес келиўин тексереди.

Егер барлық мағлыўматлар дурыс болса, ситуациялық картаны тастыйықлайды ҳәм система бул арзаны Мәмлекетлик экологиялық экспертизасы орайына жибереди. Егер тексериў ўақтында кемшиликлер анықланса, ситуациялық картаға инспекторлар тәрепинен бийкар етиледи.

Экологиялық қадағалаў инспекциясы районлық (қала) инпекция бөлими баслығы ҳәм жуўапкер инспекторлары тәрепинен «ситуацион карталар» тастыйықланғанынан соң  буйыртпашының арзасы Мәмлекетлик экологиялық экспертизасы орайы жуўапкер хызметкерине келип түседи ҳәм кейинги экологиялық экспертиза жумыслары алып барылады.

Қәнигениң атап өткениндей, алдынлары бул процесс исбилерменлик субъектлери ушын бираз қурамалы болған ҳәм көп ўақыт талап еткен, себеби жойбарлардың барлық ҳүжжетлери қағазда таярланып, тийисли уйымларға қолда тапсырылыўы керек еди. Бул жағдай бир қатар машқалаларды келтирип шығарған, соның ишинде, әўерегершилик, тезликтиң жоқлығы, ҳүжжетлерди бақлаўдағы қыйыншылықлар, ресурслардың  көп жумсалыўы. Ҳүжжетлер енди электрон  усылда көрсетиледи, бул болса процессти сезилерли дәрежеде әпиўайыластырып, ўақытты үнемлейди ҳәм әўерегершиликлерди азайтады.

ӨзА