Социаллық тармақларда Төрткүл районындағы “Кўна-Тўрткўл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында нызамсыз салы егилгенлиги туўралы тарқалған видеоматериалға район ҳәкимлиги рәсмий мағлыўмат берди.
Онда атап өтилгениндей, Төрткүл районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик кәрханасы жуўапкерлери бул жағдайды орнына барып үйренди. Бул салы “Ҳанқалы Рашид-Қудрат” фермер хожалығы тәрепинен егилгени мәлим болды.
Усы жылдың 5-август күни фермер хожалығында жайласқан аймақта үйрениў жумыслары алып барылғанда фермер хожалығы салы егип, суўдан рухсатсыз пайдаланып киятырғаны анықланды. “Сувхўжаликназорат” инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигелери тәрепинен жәрийма санкциясы қолланылған ҳәм салы майданына қайтадан суў ашқан жағдайда және жәрийма салынатуғыны ескертилген.
Сондай-ақ, фермер хожалығының баслығы тийисли шөлкемлер тәрепинен бир нешше мәрте ескертиў берилиўине қарамастан салы еккенлиги бойынша район ҳәкимлиги ҳәм фермер хожалығы арасындағы ижара шәртнамасын бир тәреплеме бийкарлаў бойынша судқа даўа арза киргизилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги