Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлигинде Швейцария бирге ислесиў ҳәм раўажланыў агентлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған Өзбекстан суў ресурсларын басқарыў миллий жойбары бойынша дөгерек сәўбети болып өтти.
Онда алыс аймақлар халқын мәмлекетлик социаллық буйыртпасы тийкарында ишимлик суўы менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды ҳәм бул бағдардағы гезектеги жойбарлардың презентациясы өткерилди.
Сондай-ақ, өткен жылларда мәмлекетлик социаллық буйыртпалары ҳәм оларды әмелге асырыўда жүзеге келип атырған машқалалар, олардың шешилиў жоллары, усы процесс қатнасыўшыларының потенциалын арттырыў бойынша анық усыныслар додаланды.
Атап айтқанда, мәмлекетлик социаллық буйыртпалары тийкарында шөлкемлестирилген ишимлик суўы тәмийнаты шөлкемлери хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, олардың пайдаланыўшыларға сапалы хызмет көрсетиўди тәмийинлеў мақсетинде оқытыў бағдарламаларын шөлкемлестириў керек екени атап өтилди.
Атап өтилгениндей, бул бағдарда өз-ара бирге ислесиў мәмлекетимизде суў ресурсларын басқарыў таарўында жаңа қәдемлерден бири болды. Сөйлесиўлер даўамында еки тәреп те барлық имканиятларды алға қоятуғынын билдирди.
Ш.Маматуропова, ӨзА