Жоқары суд пленумының гезексиз мәжилиси болып өтти. Онда айырым пуқаралық ҳәм жынаят ислери бойынша районлараралық ҳәм район (қала)лық ҳәм районлараралық ҳәкимшилик ҳәм экономикалық судларға биринши мәрте судьялық лаўазымына тайынланған судьялардың ант қабыллаў мәресими өткерилди.
Жоқары суд баслығы Бахтиёр Исломов судьяларың саны жаңа ағзалар менен толықтырылып атырғаны судьялардың жумыс жүклемеси оптималласыўына, өз гезегинде, әдил судлаўдың нәтийжелилиги ҳәм пуқаралардың судқа болған исениминиң артыўына алып келетуғынын атап өтти.
Мәжилисте Судьялар жоқары кеңесиниң 2024-жыл 6 ҳәм 7-августтағы қарарларына муўапық судьялық лаўазыманда болыўының биринши бес жыллық мүддетине тайынланған судьялардың анты тыңланды.
– Қабыл еткен антыңыздың мазмун-мәнисин толық аңлап жетип, оған садық болатуғыныңызға, алдыңызға қойылған жоқары талапқа жумысыңыз даўамында қатаң әмел ететуғыныңызға, билдирилген жоқары исенимди толық ақлайтуғыныңызға исенемиз, – деди Б.Исломов. – Әдил судлаўды тәмийинлеўде шын жүректен мийнет етип, әдиллик орнаған, пуқаралардың ҳуқықларын суд қорғаўы кепиллеген Жаңа Өзбекстанды қурыўда өз үлесин қосып, Ўатанымыз ҳәм халқымыз алдындағы перзентлик ўазыйпаңызды ҳүждан менен орынлайсыз. Нызамлар тек ғана қағыйдалар ҳәм статьялардан ибарат емес, нызамлар – адамлар, олардың өмири, үмитлери ҳәм әрманларының көриниси болып есапланады. Соның ушын, жумысыңызда ҳәм хызметиңизде адамгершиликтиң әҳмийетли екенин ҳеш қашан умытпаўыңыз керек. Нызамлар болса қолыңыздағы әдиллик қуралы болыўы керек. Президентимиздиң: «Судьяның санасында әдиллик, тилинде ҳақыйқат, дилинде болса пәклик болыўы керек», деген ҳикметли сөзлерин ҳеш қашан есиңизден шығармаң.
Илажда қатнасқан судьялардың ата-аналары ҳәм жақынлары да жақсы тилеклерин билдирди.
Ант қабыл еткен 53 жаңа судьяға судьялық гүўалығы тапсырылды.
Н.Абдураимова, ӨзА