Нөкис районында коллектор реконструкциясы шеңберинде ески көпирлердиң орнына жаңа объектлер қурылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрдеги қарарында Нөкис районындағы «КС-1-4» хожалықлар аралық коллекторының ПК26+00 ден ПК126+00 ге шекемги бөлегин реконструкциялаў белгиленген еди.
Бул коллектордың 2024-жылда реконструкциялаў белгиленген 13,2 км. бөлегинде қазыў жумыслары толық орынланған. Бүгинги күнде 3 гидротехникалық объектлерди жаңадан қурыў белгиленген. Сондай-ақ, 2 ески көпирдиң орнына жыйналмалы темир бетон қубырлы суў өткериў объектин қурыў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, бақлаў қудықларына дайвер үскенесин орнатыў жумыслары толық жуўмақланып, орайлық мәлимлеме системасына интеграцияланды.
“КС-1-4” хожалықлар аралық коллекторында реконструкция жумыслары әмелге асырылғаннан соң, аймақтағы 3080 гектар жердиң мелиоратив жағдайы жақсыланып, 1670 гектар жер майданының жер асты суўлары нормадағы дәрежеге түсирилиўи күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги