Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2024-жылдың январь-март айлары жуўмағына бола ислеп шығарылған жалпы аймақлық өнимниң (ЖАӨ) көлеми 7 триллион 071,2 млрд. сумды қурап, 2023-жылдың январь-март айларына салыстырғанда өсим пәти 5,6 процентке артты.
Өзбекстан Республикасының жалпы ишки өнимниң қәлиплесиўине Қарақалпақстан Республикасының қосқан үлеси 2,9 процентке туўра келеди.
Қарақалпақстан Республикасы ЖАӨ ниң экономикалық хызмет түрлери бойынша тараўлардың жалпы қосымша қуны 6 767,6 млрд. сум болған болса, өсим пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 105,6 процентти қурады. Өнимлерге болған салықлар 303,6 млрд. сум болып, өсим пәти
(106,0%), аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы тараўы 881,6 млрд. сум (103,5%), санаат тараўында 1 932,3 млрд. сум (107,6%), қурылыс тараўында 474,5 млрд. сум (104,2%), хызметлер 3 479,2 млрд. сум (105,4%)ды қурады.
Халықтың жан басына ислеп шығарылған ЖАӨ көлеми 3 525,6 мың сумды қурап, бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 104,2 процентти қурады.
Қарақалпақстан Республикасы экономикасының барлық тараўларында жалпы қосымша қуны (ЖҚҚ) көлеми улыўма ЖАӨ ниң 95,7 процентин, өнимлерге болған салықлар болса 4,3 процентти қурады.
2024-жыл январь-март айлары жуўмағы менен ЖАӨниң тараўлар қурамындағы үлеси хызметлер тараўы 51,4, санаат тараўы 28,6, аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығында 13,0, қурылыста 7,0 процентти қурады.
2024-жылдың январь-март айларында киши исбилерменлик субъектлериниң ЖАӨ деги үлеси 49,0 процентти қурады. Бул көрсеткиш 2023-жылдың январь-март айларында 48,9 процентти қураған.
С.Ембергенов,
Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы
Статистика жумысларын шөлкемлестириў ҳәм
улыўмаластырылған мәлимлеме-таллаў жумыслары бөлими бас қәнигеси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги