Соңғы жыллары Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен киши исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған сиясат тәсиринде олардың экономикамыздағы тутқан орны анағурлым өсти.  

2024-жыл январь-март жағдайына киши исбилерменлик субъектлери тәрепинен жалпы аймақлық ишки өнимниң 49,0 проценти ислеп шығарылды. Киши исбилерменлик субъектлериниң халық хожалығының жетекши тараўларындағы үлеси де салмақлы болды.

– Олардың үлеси санаат өниминиң 25,2, қурылыста орынланған жумыслардың улыўма көлеминиң 90,3, тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялар көлеминиң 36,7, жәми хызметлер тараўының 52,8 процентин қурады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы Исбилерменлик орталығы бақлаўлары, исбилерменликти раўажландырыў статистикасы бөлиминиң баслығы Рустамбай Шарибаев.

Ал, автомобиль транспортында жүк тасыўдың улыўма көлеминиң 92,6, автомобиль транспорты жүк айланысында 88,2, автомобиль транспортында жолаўшы тасыў хызметлериниң улыўма көлеминиң 93,7, автомобиль транспортында жолаўшы айланысында 96,5, усақлап сатыў саўда айланысының улыўма көлеминиң 96,8, улыўма экспорт көлеминиң 31,5, улыўма импорт көлеминиң 66,5, аўыл хожалығының 95,2 процентин қурады.

2024-жылдың 1-апрель жағдайына ҳәрекеттеги киши кәрхана ҳәм микрофирмалардың саны 21275 ке жетти. Усы дәўирде 931 жаңа киши кәрхана ҳәм микрофирмалар (фермер ҳәм дийқан хожалықларысыз) шөлкемлестирилди.


Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги