Футбол бойынша 2018-жылғы жәҳән чемпионаты басланды. Алдын хабар берилгениндей, Ташкент ўақты менен саат 19:30 да жарыстың салтанатлы ашылыўы болып өтти. Белгили қосықшы Робби Уильямс ҳәм россиялы Аида Гарифуллина атқарыўындағы қосықлардан соң, ФИФА президенти Джанни Инфантино бүгинги ойынды баслап беретуғын Россия ҳәм Сауд Арабиясының ҳүрметине рус ҳәм араб тиллеринде сөйлеп, жарысты ашып берди.

Мундиальдың ашылыў салтанаты жуўмақланғаннан соң Россия ҳәм Сауд Арабиясы сайланды командалары арасындағы ойынға старт берилди. Майдан ийелери биринши гол урыў ушын бар күш-жигерин жумсады.

 

 

Нәтийжеде ойынның 12-минутында Саудия дәрўазасына гол урылды. Жәҳән чемпионатының дәслепки голына россиялы футболшы Юрий Газинский авторлық етти. Ойынның 24-минутында жарақат алып, майданды тәрк етиўге мәжбүр болған Алан Дзагоевтиң орнына түскен Денис Черышев биринши бөлимниң соңында есапты 2:0 ге жеткерди.

 

 

Екинши бөлимде Россия сайланды командасы үстинликти толық қолына алды. Ҳүжимши Артём Дзюбаның майданға түсиўи менен россиялылардың ойыны жанланды. Ол Александр Головинниң жоқарылатып берген пасын голға айландырып, есапты 3:0 ге жеткерди.

Екинши бөлимге қосып берилген 3 минуттың ишинде Россия Саудия дәрўазасына және 2 гол урыўға еристи. Дәслеп Черышев гол урып, дубльге ерискен болса, ойынның ақырғы минутында Головин жәрийма тобын голға айландырды.

Еслетип өтемиз, бул топардағы екинши ойын бүгин – 15-июнь күни Ташкент ўақты менен саат 17:00 де басланады. Онда Муҳаммед Салаҳ басшылығындағы Египет еки мәрте жәҳән чемпионы болыўға ерискен Уругвай менен өз ара күш сынасады.

Сондай-ақ, бүгин саат 20:00 де «В» топарындағы Марокко-Иран ҳәм саат 23:00 де Португалия-Испания сайланды командаларының арасындағы ойынлар да болып өтеди. Ойынлар «UzReport» ҳәм «Futbol TV» телеканаллары арқалы тиккелей эфирде бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.