Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Соңғы жыллары елимизде социаллық-экономикалық раўажланыўдың тийкарғы бағдарларына және халықаралық стандартлардың талапларына сай келетуғын жоқары билимлендириў системасын жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Аймақларда жаңа жоқары билимлендириў мәкемелериниң шөлкемлестирилиўи, кадрлар таярлаўдың заманагөй билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери және сыртқы ҳәм кешки бөлимлердиң ашылыўы, жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў квоталарының арттырылыўы усы бағдардағы әҳмийетли реформалар болып есапланады.
Соның менен бирге, жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириў сапасын арттырыўға, республикамызда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, социаллық ҳәм экономикалық тараўлардағы жаңаланыўларда усы мәкемелердиң белсене қатнасыўын тәмийинлеўге тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалар сақланып қалмақта, атап айтқанда:
бириншиден, жоқары билимлендириў системасында оқытыўды шөлкемлестириў процеси, билим алып атырған студентлердиң билимин баҳалаў системасы бүгинги күнниң талапларына жуўап бермей атыр;
екиншиден, профессор-оқытыўшылардың жумысын, билимин ҳәм педагогикалық көнликпесин баҳалаўдың заманагөй системасының жоқ екенлиги билимлендириў сапасына унамсыз тәсир көрсетпекте;
үшиншиден, жоқары билимлендириў мәкемелерине кириўдиң тест сораўлары абитуриенттиң логикалық пикирлеў қәбилетин анықлаў имканиятын бермей атырғанлығы қәбилетли жасларды жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаўда машқалалар келтирип шығармақта;
төртиншиден, жоқары билимлендириў мәкемелериндеги билимлендириў процеси үстинен нәтийжели жәмийетлик қадағалаўдың орнатылмағанлығы усы тараўда көплеген машқалалардың, бәринен бурын, коррупция ҳалатларының сақланып қалыўына себеп болмақта;
бесиншиден, жоқары билимлендириў мәкемелериниң елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли ҳәм системалы өзгерислердеги қатнасы және инталылығы сезилмей атыр, олардың усы бағдардағы жумысы елеге шекем қатнаатландырарсыз болып қалмақта;
алтыншыдан, республикамызда алып барылып атырған түпкиликли реформалардың мазмун-мәнисин ғалаба хабар қураллары арқалы халқымызға, кең жәмийетшиликке түсиндириўде жоқары билимлендириў мәкемелериниң белсене қатнасыўы жолға қойылмаған;
жетиншиден, жоқары билимлендириў мәкемелери инновациялық ҳәм технологиялық идеялар менен пикирлесетуғын орайларына айланбаған, тийисли тараўларда бар машқалаларды ҳәм кемшиликлерди системалы үйрениў, таллаў ҳәм олардың шешими бойынша пикир-усыныс киргизиў бағдарында профессор-оқытыўшылардың, жас илимпазлардың ҳәм студентлердиң инта көрсеткишлери ушын зәрүр шараятлар жаратылмаған.
Жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириў сапасын түп-тийкарынан жетилистириў. олардың елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсене қатнасыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери бар министрликлердиң ҳәм ведомстволардың 2018/2019 оқыў жылынан баслап:
өз алдына билимлендириў бағдарлары бойынша оқыў мүддети кеминде үш жыл болған бакалавриат және кеминде бир жыл болған магистратураны енгизиў, бунда магистратурада қәнигелер таярлаўды өндирислик (әмелий) (кеминде бир жыл) ҳәм илимий-педагогикалық (кеминде еки жыл) бағдарларға қәнигескен бағдарламалар тийкарында шөлкемлестириў;
жоқары билимлендириў мәкемелери бакалавриатына қабыллаў квоталарынан тысқары сырт ел пуқараларын сәўбетлесиў тийкарында тест сынақларысыз оқыўға қабыллаў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери бар министрликлердиң ҳәм ведомстволардың виза талапларына тийкарланып оқыўға кириў тилегин билдирген сырт ел пуқараларының кириў визаларын орнатылған тәртипте консуллық ҳәм басқа да төлемлерди өндирмеген ҳалда рәсмийлестирсин.
- 2018/2019 оқыў жылынан баслап таяныш (жетекши) жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен тийисли билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын кадрлар буйыртпашыларының талапларынан келип шығып, еркин түрде ислеп шығыў және Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықлаў тәртиби енгизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери бар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:
а) еки ай мүддетте Жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлердиң билимин қадағалаў ҳәм баҳалаў системасы ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын, онда тийкарғы итибарды:
баҳалаў системасын ҳәм өлшемлерин үзликсиз билимлендириў системасының басқышларына муўапықластырыўға;
билимлендириў бағдарларының өзине тән тәреплерин инабатқа алған ҳалда студентлердиң билимин баҳалаўдың заманагөй, ашық-айдын ҳәм әдалатлы (автоматластырылған, портфолио, тест сынақлары, дөретиўшилик жумыс, антиплагиат ҳәм т.б.) усылларын, соның ишинде, белгили сабақтан оқытқан педагогтың жуўмақлаўшы қадағалаў процесслериндеги қатнасын бийкарлайтуғын системаны енгизиўге;
семестр жуўмағы бойынша академиялық қарыздар студенттиң қайта тапсырыўы мүмкин болған пәнлер санын белгилеўге ҳәм оларды тапсырыў мүддетин өзгертиўге қаратсын;
б) 2018-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилерин жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациядан өткериў тәртибин буннан былай да жетилистириў бойынша тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын;
в) 2019-жыл 1-мартқа шекемги мүддетте 2019/2020 оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелеринде «студенттиң өзлестириў дәрежеси – профессор-оқытыўшылар жумысын баҳалаўдың тийкарғы өлшеми» принципин енгизиўдиң анық механизмлерин белгилеў бойынша тийисли илажлар көрсин. Онда усы принцип талапларына жуўап бермейтуғын профессор-оқытыўшылар менен мийнет шәртнамасын бийкар етиўге дейин болған илажларды көриў белгиленсин;
г) 2018/2019 оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшыларының ўақтын оқыў процесине тән болмаған жумысларға жумсаўдың алдын алыў және оларды студентлер менен көбирек ислесиўге бағдарлаў, соның ишинде, «устаз-шәкирт» системасын енгизиў мақсетинде оқыў жүклемелерин есапқа ала отырып, профессор-оқытыўшылар «ўақыт норма»ның жаңа механизмлерин ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын.
- Жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшыларын олардың ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарларына байланыслы болмаған мәжилислерге ҳәм басқа да илажларға тартыў қадаған етилсин.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары, барлық дәрежедеги ҳәкимлер усы талапты бузғаны ушын ийелеп турған лаўазымынан босатыўға шекем болған жеке жуўапкерлиги ҳаққында қатаң ескертилсин.
- Барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринде нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды енгизиў мақсетинде студентлер, ата-аналар, Жаслар аўқамының жоқары билимлендириў мәкемелериндеги белсендилери, кадрлар буйыртпашылары, профессор-оқытыўшылар және пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллеринен ибарат қурамда жәмийетлик кеңеслери шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер жәмийетлик кеңеслердиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
билимлендириў сапасы, профессор-оқытыўшылардың билими ҳәм педагогикалық шеберлиги, студентлерге жаратылған шараятлар үстинен системалы түрде мониторинг орнатыў;
жоқары билимлендириў мәкемелерине профессор-оқытыўшылар қурамына жумысқа қабыл етилип атырған талабанлар бойынша усыныслар бериў;
студентлердиң мүрәжатларын көрип шығыў, олардың педагог кадрлар ҳаққындағы пикирин толық үйрениў мақсетинде жәмийетлик сораўнамалар өткериў;
жоқары билимлендириў мәкемесиндеги билимлендириў процесин жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў ҳәм мәкемениң тийисли кеңесинде додалаўға киргизиў.
Жәмийетлик кеңестиң жумысын шөлкемлестириўшилик жақтан тәмийинлеў Жаслар аўқамының жоқары билимлендириў мәкемесиндеги жетекшиси тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери бар болған министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте Жоқары билимлендириў мәкемелери жанындағы жәмийетлик кеңеслердиң жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы үлги режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- 2018-жыл 1-сентябрьден баслап:
жоқары билимлендириў мәкемелерине профессор-оқытыўшылар қурамына жумысқа қабыл етиў тийисли кафедраның кеңейтилген ашық мәжилисинде педагог кадрлар ҳәм жәмийетлик кеңестиң ағзалары қатнасыўында сынақ сабағын өткериў нәтийжелери бойынша усы мәжилистиң усынысына бола әмелге асырылатуғыны;
Өзбекстан ҳәм сырт елдеги жоқары билимлендириў мәкемелериниң өз-ара келисими және бирликтеги билимлендириў бағдарламалары тийкарында студентлерди оқытыўды шөлкемлестириў ҳәм еки тәреплеме тән алынатуғын диплом бериў әмелияты енгизилетуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Мәмлекетлик тест орайы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте:
жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханларындағы тест сораўларын таярлаў усылларын алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында қайта көрип шықсын және оларды жетилистириў бойынша усынысларды белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин;
алдынғы халықаралық имтихан системалары (TOEFL, IELTS, CEFR, SAT General, SAT Subject ҳәм басқа) сертификатларына ийе болған абитуриентлерге тийисли пәнлерден белгиленген ең жоқары балл бериў ҳәм усы пәнлердиң тест сынағынан азат етиў тәртибин ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери бар болған министрликлер ҳәм ведомстволарға төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:
елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда жоқары билимлендириў мәкемелериниң қатнасыўын және интакерлигин арттырыў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириў;
мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында жүз берип атырған өзгерислер және әмелге асырылып атырған тийкарғы реформалардың мазмун-мәниси жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен телевидение ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары арқалы кең халық қатламына жеткерилиўин тәмийинлеў;
аймақларды, экономикалық тармақларды ҳәм социаллық тараўларды жедел раўажландырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм бағдарламалар жойбарларын кеңнен додалаўда жоқары билимлендириў мәкемелериниң белсене қатнасыўын тәмийинлеў;
инновациялық ҳәм технологиялық идеяларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў және қоллап-қуўатлаў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, профессор-оқытыўшылар, жас илимпазлар ҳәм студентлердиң инновациялық технологияларды жаратыў бағдарындағы интакерлигин арттырыў бойынша анық илажлар көриў;
экономикалық тармақлар ҳәм социаллық тараўлардағы шөлкемлердиң басшылары, жетекши қәнигелери, белсенди исбилерменлер менен әҳмийетли мәселелерде семинар ҳәм дөгерек сәўбетлесиўлерин турақлы түрде өткерип барыў, олардың жумысында жүзеге келип атырған машқалалардың шешимине қаратылған илимий-әмелий излениўлерди алып барыў;
жоқары билимлендириў мәкемелери басшыларының елимизди реформалаў процесинде белсене қатнасыў бағдарындағы жуўапкершилигин арттырыў бойынша комплексли илажлар белгилеў, ҳәр бир ректор ҳәм проректор ушын усы бағдарда өз алдына «Жол карталары» ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлеў, олардың орынланыўын қадағалаў.
- Жоқары билимлендириў мәкемелериниң руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша проректоры лаўазымы орнына жаслар менен ислесиў бойынша проректор лаўазымы енгизилетуғыны, жаслар менен ислесиў бойынша проректорлардың жумысын муўапықластырыў ўазыйпасы Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының Жаслар сиясаты мәселелери хызметине жүкленетуғыны;
Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри, қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери бар министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары – тийисли жоқары билимлендириў мәкемелери ректорлапрының ҳәм проректорларының, инновациялық раўажланыў министри – барлық жоқары билимлендириў мәкемелери илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректорларының жумыс нәтийжелерин олардың «Жол карталары»нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша ҳәр айда бир мәрте сын көз-қарастан талқылап баратуғыны;
Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри, қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери бар министрликлер ҳәм ведомстволар басшыларының елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда тийисли жоқары билимлендириў мәкемелериниң белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша есап-санақлары ҳәр жылы Министрлер Кабинетиниң мәжилислеринде додаланатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети додалаў нәтийжелерине бола жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының ийелеп турған лаўазымына ылайықлығы ямаса ылайық емеслиги мәселесин көрип шығатуғыны;
жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының жумыс нәтийжелилигине баҳа бериўде оқыў процесине жоқары қәнигели сырт ел илимпазлары, оқытыўшы ҳәм қәнигелердиң кеңнен тартылғанлығы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасында жетекши сырт еллердиң жоқары билимлендириў мәкемелери филиалларын ашыўда олардың басламасы инабатқа алынатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте жоқары билимлендириў мәкемелери студентлерин илимий жумысқа бағдарлаўға ҳәм оларда инновациялық пикирлеўди қәлиплестириўге қаратылған илажлар бағдарламасының жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин, онда төмендегилер нәзерде тутылсын:
жаңа идея ҳәм басламаларды қәлиплестириў мақсетинде ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесинде «Жас экспертлер топары»н шөлкемлестириў;
оқыў сабақларын студентлерди инновациялық пикирлеўге бағдарлайтуғын оқытыў технологиялары ҳәм интерактив усылларды енгизиў тийкарында шөлкемлестириў, тийкарғы итибарды студентлердиң еркин билим алыўына байланыслы механизмлерди әмелге асырыўға қаратыў;
ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесинде 1-курс даўамында сайлап алынған ең қәбилетли студентлер ушын айрықша топарлар шөлкемлестириў (усы топарлардағы студентлер саны жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен белгиленеди), 2-курстан оларды оқытыўды айрықша оқыў режелери ҳәм бағдарламалар тийкарында әмелге асырыў, усындай дәрежедеги студентлерди магистратураға мақсетли қабыл етиў ҳәм бул арқалы жоқары билимлендириў мәкемелери кафедралары ушын маман кадрлар таярлаў системасын енгизиў.
- Жас илимпазларға ҳәм студентлерге және интакер пуқараларға елимизде инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды раўажландырыўға қосқан ылайықлы үлеси ушын тапсырылатуғын «Инновациялық идеялар жетекшиси» көкирек белгиси енгизилсин.
Өзбекстан Республикасы Иноовациялық раўажланыў министрлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте «Инновациялық идеялар жетекшиси» көкирек белгиси ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында Ҳүкиметлик қарардың жойбарын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм олардың елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери бар министрликлер ҳәм ведомстволар Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте бир ай мүддетте елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәнисин телевидение ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларында түсиндириў бойынша көрсетиўлер, еситтириўлер, материалларды шөлкемлестириў бағдарында ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесиниң жыллық реже-графигин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Қаржы министрлигиниң;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қурамында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын қосымша 2 штат бирлигин ажыратқан ҳалда Мәлимлеме хызметин шөлкемлестириў;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң структураларында олардың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын қосымша тек 1 штат бирлигин ажыратқан ҳалда баспасөз хаткери лаўазымын енгизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте:
а) жоқары билимлендириў мәкемелерин заманагөй оқыў, оқыў-методикалық ҳәм илимий әдебиятлар, дәўирлик журналлар менен тәмийинлеўди, мәлимлеме-ресурс орайларының қорларын турақлы түрде жаңалап барыўды;
алдынғы сырт ел оқыў және илимий әдебиятларын ҳәм журналларын сатып алыў жумысларына кең имканиятлар жаратыў, ең жаңа сырт елли әдебиятларын аўдарма ислеў ҳәм оқыў процесине енгизиўди нәзерде тутатуғын Ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин;
б) Жоқары билимлендириў мәкемелери студентлериниң тәжирийбе әмелиятынан өтиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте:
а) бир ай мүддетте төмендеги илажларды көрип шықсын ҳәм тастыйықласын:
жоқары билимлендириў мәкемелерине халықаралық илимий-техникалық мағлыўматлар базаларынан пайдаланыўға шараятлар жаратыў, профессор-оқытыўшылардың илимий нәтийжелерин халықаралық көлемде кеңнен басып шығарыў, республикалық жетекши илимий журналлардың басқышпа-басқыш жоқары импакт-факторға ийе болыўын тәмийинлеў;
жоқары билимлендириў системасында басқарыў процесслерин мәлимлеме-коммуникация технологиялары тийкарында оптималластырыў, бар болған мәлимлеме системаларын интеграциялаў, таллаў мағлыўматлар таярлаўдың нәтийжели системаларын енгизиў;
б) абитуриентлердиң ҳүжжетлерин электрон түрде қабыл етиў системасын басқышпа-басқыш жаратыў бойынша 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте илажлар ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.У.Маджитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 5-июнь