Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Республика экономика тармақлары менен тараўларында талап жоқары болған қәнигеликлер бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелерди сапалы таярлаўды тәмийинлеў, бакалаврларды ҳәм магистрлерди таярлаўда жумыс бериўшилердиң быйылғы және келешектеги талапларын инабатқа алған ҳалда сан ҳәм билимлендириў бағдарларының сәйкеслиги ерисиў, жоқары билимлендириў мәкемелерин питкериўшилердиң мийнетинен тармақлық, аймақлық ҳәм мақсетли жойбарлар портфеллерин есапқа ала отырып, пайдаланыўды жақсылаў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылында әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги тәрепинен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қаржы министрлиги менен биргеликте мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен басқа да шөлкемлердиң қатнасында:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 23-июньдеги «Республиканың жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў параметрлерин қәлиплестириў механизмлерин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2360-санлы қарарына муўапық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў ҳәм жумыс бериўшилердиң жоқары билимлендириў мәкемелерин питкериўшилерге болған талабы параметрлериниң баланслық есап-санағы ислеп шығылды;
анық бағдарлар ҳәм қәнигеликлер бойынша таярлыққа ийе болған жоқары билимлендириў мәкемелерин питкериўшилерге байланыслы перспективаға мөлшерленген талап-зәрүрлик, сондай-ақ, питкериўшилердиң таңлап алынған қәнигелик бойынша жумысқа орналасыўы мониторинги мағлыўматлары тийкарында 2018/2019 оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў квоталары қәлиплестирилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2017/2019 оқыў жылында Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша улыўма квота:
1-қосымшаға муўапық бакалаврлар ушын 69 200, соның ишинде, мәмлекетлик грантлар бойынша-17 654 ҳәм төлемли-котракт тийкарында – 51 546;
2-қосымшаға муўапық магистрлер ушын 5 903, соның ишинде, мәмлекетлик грантлар бойынша – 1 552 ҳәм төлемли-контракт тийкарында – 4 351;
3-қосымшаға муўапық арнаўлы сыртқы бөлимлерде бакалаврлар ушын 11 765, соның ишинде, мәмлекетлик грантлар бойынша – 15 ҳәм төлемли-контракт тийкарында – 11 750 етип белгиленсин.
- 2018/2019 оқыў жылында қабыллаў квоталары:
Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты, Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының Бухара филиалы ушын – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 8-майдағы «Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтында жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3702-санлы қарары менен;
Самарқанд ветеринария медицинасы институты ушын – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 8-майдағы «Самарқанд ветеринария медицинасы институтын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3703-санлы қарары менен;
Ташкент мәмлекетлик аграр университети, Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалы, Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Термиз филиалы ҳәм Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Әндижан филиалы ушын – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 8-майдағы «Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3704-санлы қарары менен;
Өзбекстан журналистика ҳәм Президентиниң 2018-жыл 24-майдағы «Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3737-санлы қарары менен тастыйықланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнсықлары министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң 2018/2019 оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң буйыртпаларына муўапық жоқары маманлықтағы медицина кадрларына айрықша талап бар болған аймақлар ушын мақсетли қабыллаў бойынша квоталарды Өзбекстан Республикасының медициналық жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грантлар тийкарында бакалавриат бағдары бойынша қәнигелер таярлаўдың улыўмалық белгиленген параметрлери шеңберинде ажыратыў бойынша усынысы 4-қосымшаға муўапық қабыл етилсин.
- 2018/2019 оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларында «Мектепке шекемги билимлендириў» бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша кадрлар таярлаўда оқыў мүддети 3 жыл болған бакалавриат билимлендириў бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте 2018/2019 оқыў жылынан баслап Жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў процесин толық шөлкемлестириў ушын «Мектепке шекемги билимлендириў» бакалавриат билимлендириў бағдарының қәнигелик талапларын, оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигиниң 2018/2019 оқыў жылынан баслап Ташкент медицина академиясының Ферғана филиалына оқыўға қабыллаўды қайта тиклеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги 2018-жыл 1-июльге шекем Ташкент медицина академиясы Ферғана филиалының оқыў имаратларын, лабораторияларын ҳәм студентлердиң турақ жайларын жаңа 2018/2019 оқыў жылына таярлаў бойынша қурылыс-оңлаў жумысларын жуўмақласын, сондай-ақ, оларды зәрүр үскенелер менен тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссияның (кейинги орынларда Мәмлекетлик комиссия деп аталады) қурамы 5-қосымшағы муўапық тастыйықлансын.
Мәмлекетлик комиссияға төмендеги ҳуқықлар берилсин:
бакалавриат бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ўақтында абитуриентлер топлаған баллардың рейтинг баҳасын есапқа алған ҳалда жоқары билимлендириў мәкемелериниң баклавриат ҳәм магистратурасына қабыллаў параметрлерине өзгерислер киргизиў;
жаңа бағдарлары ҳәм қәнигеликлерди киргизиў ушын бакалавриат ҳәм магистратураға қабыллаў квоталарына өзгерислер киргизиў;
экономика тармақлары ҳәм аймақлардың, соның ишинде, республиканың узақ ҳәм барыў қыйын болған районларының қәнигеликлерге болған орынлы талапларын қанаатландырыў ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат ҳәм магистратурасына тийисли тармақлар және аймақлар бойынша мақсетли қабыллаў көрсеткишлерин белгилеў.
- Қурамында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм ведомстволар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы менен биргеликте үш ҳәпте мүддетте қарамағындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат ҳәм магистратура бойынша мәмлекетлик грант және төлемли-контракт тийкарында орынлар квотасын билимлендириў тиллерине қарап бөлистириўге тийисли усынысларды Мәмлекетлик комиссияға тастыйықлаў ушын киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
«Өзстандарт» агентлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы менен биргеликте бир ай мүддетте жаңадан киргизилип атырған бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша Жоқары билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери классификаторларына белгиленген тәртипте өзгерислер менен қосымшалар киргизсин;
еки ай мүддетте жаңадан киргизилип атырған бакалавриат бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша қәнигелик талапларын, оқыў режелерин және бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы менен биргеликте еки ай мүддетте республиканың жоқары билимлендириў мәкемлериниң рейтингин ҳәр жылы анықлаўдың миллий системасы рейтингиниң тийкарғы көрсеткишлерин белгилеўде кадрларға тийкарғы буйыртпашылардың – министрликлер, ведомстволар ҳәм басқа да шөлкемлердиң талапларына айрықша итибар қарата отырып, жетилистириў бойынша усыныслар таярласын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер менен ведомстволар және кадрлардың тийкарғы буйыртпашылары менен биргеликте жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат билимлендириў бағдарларын 5 жылда бир мәрте аттестациядан өткерсин ҳәм нәтийжелери бойынша усы бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша белгиленген талапларға жуўап бермейтуғын қәнигеликлер кафедрасының жумысын тоқтатыў ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2018/2019 оқыў жылында мәмлекетлик грантлар тийкарында бакалавриат ҳәм магистратураға оқыўға қабыл етиў бойынша белгиленген квоталарды есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер менен ведомстволар Қаржы министрлиги менен биргеликте 2018-жыл 1-июльге шекем оқытыўға жумсалатуғын жәми қәрежетлерден келип шыққан ҳалда баҳа муғдарын анықлаўды нәзерде тутатуғын, жоқары оқыў орынларында студентлерди төлемли-контракт тийкарында оқытыў баҳасын анықлаў механизмин жетилистириў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қарамағында жоқары оқыў мәкемелери болған министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте жоқары оқыў орынларының сыртқы ҳәм кешки бөлимлерине қабыллаў квоталары бойынша, потенциалы жоқары тутыныўшылардың талапларын есапқа алған ҳалда, Мәмлекетлик комиссияға талап жоқары болған бакалавриат билимлендириў бағдарлары кесиминде тийкарланған усыныслар киргизсин.
жоқары билимлендириў мәкемлериниң сыртқы ҳәм кешки билимлендириў бөлимлерине улыўма қабыллаў квота республиканың жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына 2018/2019 оқыў жылы ушын тастыйықланған улыўма қабыллаў квотасының 30 процентине шекем болған муғдарында белгиленетуғыны;
жоқары билимлендириў мәкемелерниң сыртқы ҳәм кешки оқыў бөлимлеринде оқытыў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылатуғыны;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң сыртқы ҳәм кешки оқыў бөлимлеринде оқытыў нырқы тийисли бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша күндизги оқытыў түри баҳасынан аз болмаған муғдарда екенлиги белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги кадрлар буйыртпашылары менен биргеликте ҳәр жылы жаңа оқыў жылы басланғанға шекем бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерининиң оқыў режелерин және бағдарламаларын мийнет базары конюнктурасының тез өзгеретуғын шараятында жоқары қәнигеликтеги кадрлардың әмелий таярлығын тәмийинлейтуғын заманагөй пәнлер киргизген, өндирис ҳәм реал экономика тармақларында инновациялық және илимге тийкарланған технологияларды енгизиўди есапқа алған ҳалда қайта көрип шықсын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Сыртқы ислер министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен диалог орайы, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте 2018/2019 оқыў жылынан баслап республиканың жоқары оқыў мәкемлериниң билимлендириў процесинде сырт еллердиң жетекши илимпазлары, қәниге-әмелиятшылар ҳәм жоқары маманлықтағы оқытыўшыларды тийисли бакалавриат билимлендириў бағдарлары және магистратура қәнигеликлери бойынша оқыў сабақларын өткериўге тартыў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қарамағында жоқары оқыў мәкемлери болған министрликлер менен ведомстволар Экономика министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекем:
кадрлар буйыртпашыларының дизими ҳәм 2018/2019 оқыў жылында бакалавриат билимлендириў бағдарлары және магистратура қәнигеликлери бойынша оқыўға қабыл етилген ҳәм өзи тәрепинен бөлистирилген студентлер санын;
2018/2019 оқыў жылында бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша оқыўға қабыл етилген студентлердиң әмелият өтеў объектлериниң дизимин Мәмлекетлик комиссияға тастыйықлаў ушын киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер менен ведомстволардың төрешилери әмелиятына:
жоқары оқыў орынларын питкриўшилердиң мийнет етиўи даўамында олардың билим ҳәм көнликпелеринде көзге тасланған кемшиликлерин жумыс бериўшилердиң қатнасыўында ҳәр шеректе кеминде бир мәрте додалаў;
ҳәр жылдың жуўмағы бойынша, бирақ кейинги жылдың февраль айынан кешиктирмей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, дене тәрбиясы, спорт ҳәм туризм мәселелери комплексине таярланып атырған кадрлардың қәнигелигиндеги кемшиликлер ҳаққындағы улыўмаластырылған таллаў мәлимлемеси, сондай-ақ, оларды сапластырыў бойынша пикир-усыныслар бериў киргизилсин.
Усы бәнттиң орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдеги «Жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаўдың сапасын арттырыўда экономика тараўлары менен тармақларының қатнасын буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3151-санлы қарарына муўапық жоқары билимлендириў мәкемелери бириктирилген Министрлер Кабинети комплекслериниң басшыларына, министрликлер ҳәм ведомстволардың башыларына жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўы билимлендириў министрлиги Әдиллик министрилиги менен бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 4-июнь