Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 29-ноябрь күни аўыл хожалығында суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм ысырапгершиликлерди азайтыў бағдарындағы илажлар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәмлекетимиздеги суў ресурсларының 20 проценти өзимизде, үлкен бөлеги қоңсы мәмлекетлерде қәлиплеседи. Климаттың өзгериўи ақыбетинде суў дәреклери жыл сайын азайып бармақта. Трансшегаралық дәрьяларды басқарыў бойынша жағдай да қатаң. Булардың тәсиринде 2030-жылға келип елимиздеги суў жетиспеўшилиги 15 миллиард куб метрге жетиўи прогноз етилип атыр.

Бирақ, усындай жағдайда да суўдан нәтийжесиз пайдаланылып атыр. Мәмлекетимиздеги жәми суў ресурсларының 90 проценти аўыл хожалығына жумсалып атыр. Мәселен, елимизде бир гектар пахта майданын суўғарыў ушын жылына 10-11 мың куб метр суў жумсалған ҳалда, климаты ҳәм жери бизлердикине уқсас мәмлекетлерде буннан 2-3 есе аз суў жумсалып атыр. Ол да болса, суўды дурыс басқарыў, ысырапгер етпеў есабынан.

Суў хожалығына ҳәр жылы орташа 1 миллиард доллар қаржы қаратылмақта. Бул тараў бюджеттен қаржы алыў бойынша билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм аўыл хожалығынан кейин 4-орында турады. Бирақ системада есап-санақ дурыс жолға қойылмағаны, суў ресурсларын басқарыўда ескише көзқараслар сақланып қалғаны ушын нәтийже аз.

Мәжилисте бул тараўдағы  машқалалар, жаңа баслама ҳәм ўазыйпалар додаланды. Мәмлекетимиз басшысы бир жыл даўамында суўды үнемлеў бойынша айрықша жумыс системасына өтелитуғынын атап өтти.

Онда биринши әҳмийетли ўазыйпа – канал ҳәм салмаларды бетонлаў. Есап-санақларға бола, бетонланбаған ирригация тармақларында жылына орташа 14 миллиард куб метр ямаса 36 процент суў ҳеш қандай экономикалық нәтийжесиз ысырап болмақта. Ең көп суў ысырапгершиликлери Қарақалпақстан Республикасы, Наманган, Наўайы, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларына туўра келеди. Каналлардың соңыңда жайласқан 175 мың гектар егислик майданда суў тәмийнаты оғада аўыр.

Улыўма етип айтқанда суў ысырапгершилиги ақыбетинде экономикамызда жылына 5 миллиард доллар дәрамат қолдан жиберилип атыр.

Сол себепли суў хожалығында «каналларды бетонлаў бойынша ылғаллы жыл» жәрияланды. Келеси жылы 1 мың 500 километр, яғный быйылғыға салыстырғанда 4 есеге көп ири каналларды бетонлаў ўазыйпасы белгиленди. 2025-жылдан баслап кеминде 2 мың километрден каналларды бетонлаўға өтиледи.

Буның ушын ноябрь-март айлары ең қолайлы ўақыт екени, жойбары таяр каналларда қурылысты ҳәзирден баслаў керек екени атап өтилди. Ўәлаят ҳәм район ҳәкимлерине бир жыл ишинде 3 мың 500 километр ишки тармақларды бетон қапламаға өткериў тапсырылды. Буннан мәпдар кластер ҳәм фермерлерге арнаўлы техника ҳәм қурылыс материалларынан жәрдем берип, қәрежетлерди 2 есеге азайтыў мүмкин екени айтылды.

Екинши әҳмийетли ўазыйпа – суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў.

Мәмлекетимизде 4,3 миллион гектар суўғарылатуғын жер болып, соның 30 процентине суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген. Бундай кластер ҳәм фермер хожалықларында суў 30-40 процентке, төгин ҳәм жанылғы 25-30 процентке үнемлениўи менен бирге өнимдарлық артқан.

Бирақ суў жеткериўдиң өзине түсер баҳасы оғада қымбат болған Қашқадәрьяда бундай усылда суўғарылатуғын жерлер дерлик 16 процентти қурайды. Суўды үнемлеўде ең әпиўайы агротехникалық илаж болған жерди лазерли тегислеў жумыслары да жетерли емес. Бундай майданлар Қашқадәрья, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларында 10 проценттен аз.

Буның себеплеринен бири – суўды үнемлейтуғын технологияны енгизген фермерлерге кредит процентиниң бир бөлегин қаплаў тәртиби ислемей атыр. Сол себепли мәжилисте бул бойынша жаңаша қаржыландырыў системасы белгиленди. Оған бола, кластер ҳәм фермерлерге суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ушын еки жыллық жеңиллетилген дәўир менен бес жылға 14 процентлик кредит ажыратылады. Буның ушын ашық платформа иске қосылады. Ҳәм банк пенен, ҳәм тәмийнатшылар менен шәртнамаға электрон платформа арқалы онлайн қол қойылады.

Жуўапкерлерге буның финанслық-шөлкемлестириўшилик тәреплери бойынша көрсетпелер берилди. Суўды үнемлеў енгизилген майданларды ҳәр жылы кеңейтип барыў, Түркия, Испания ҳәм Қытайдың бул бойынша тәжирийбесин үйрениў әҳмийетли екени атап өтилди.

Келеси үш жылда да аўыл хожалығы техникасының 15 проценти ҳәм лазерли тегислегиштиң 30 процентин субсидиялаў әмелияты даўам еттириледи. 2026-жылға шекем барлық егислик жерлер лазерли тегисленеди. 2026-жылдан кейин лазерли тегисленбеген жерлерге жер ҳәм суў салықлары кескин арттырылады.

Үшинши әҳмийетли ўазыйпа – суўды жеткериў қәрежетлерин қысқартыў.

Бүгинги күнде кластер ҳәм фермерлерге жеткерип берилип атырған ҳәр 1 кубметр суўға орташа 212 сум қәрежет жумсалып атыр. Бирақ Бухара,  Қашқадәрья ҳәм Наманганда бул 2-3 есеге қымбат.

Соның менен бирге, суў қәрежетиниң 63 проценти насос станцияларының үлесине туўра келеди. Атап айтқанда, суўғарыў ушын жылына 7 миллиард киловатт саат электр энергиясы жумсалады. Себеби суў насосларының 80 проценти гөнерген, энергия жумсалыўы жоқары.

Мәмлекетимиз басшысы бул қәрежетлерди азайтыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыўдың ең дурыс жолы – насосларды модернизациялаў және оларды  басқарыўды жеке меншик шерикликке бериў екенин атап өтти.

Бул бағдарда бир неше жойбар басланған. Бул жумысларды жеделлестирип, халықаралық қаржы шөлкемлериниң қатнасыўында 95 насос станциясын жаңалаў, келеси жылдың басында және 118 и бойынша тендер жәриялаў ўазыйпасы қойылды.

Соның менен бирге, сырт елли компаниялар 268 насосты басқарыўға алыў басламасын билдирген.

Улыўма етип айтқанда, бул илажлар арқалы келеси жылы насосларға электр жумсалыўын 300 миллион киловатт саатқа, кейинги үш жылда болса 1,5 миллиард киловатт саатқа азайтыў мүмкин екени көрсетип өтилди.

Суў хожалығы министрлигине халықаралық қаржы шөлкемлери менен бирге, насосларды модернизациялаў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды. Тараўда заманагөй басқарыўды енгизиў, суў есабын жүргизиў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте суў хожалығы министри, ҳәкимлер ҳәм басқа да басшылардың мәлимлемеси тыңланды.

ӨзА