Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиӊ Ташкент саммитинен соӊ Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев мәмлекетимизге сапарын жуўмақлады.

Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа рәсмийлер шығарып салды.

Еслетип өтемиз, саммит бағдарламасы шеӊберинде Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери келисимлер өткерди. Онда еки мәмлекеттиӊ дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетлеримиз арасында товар алмасыў көрсеткишлериниӊ өсип атырғанлығын айрықшы атап өтиўимиз керек. Автомобиль, электротехника, тоқымашылық санаатында, энергетика тармағында, аўыл хожалығы, логистика ҳәм басқа баслы бағдарларда әҳмийетли кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

 

Икром Аввалбоев, Носиржон Ҳайдаров(сүўрет), ӨзА