Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң саммитинде қатнасыў ушын мәмлекетимизде болып турған Қазақстан Республикасы Бас министри Алихан Смаиловты қабыллады.
Ушырасыў алдында Қазақстан Бас министри Өзбекстан жетекшисине Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Жоқары дәрежеде ерисилген, соның ишинде, товар алмасыўды арттырыў, санаат кооперациясы ҳәм логистика жойбарларын әмелге асырыў бағдарындағы келисимлердиң толық әмелге асырылыўына айрықша итибар қаратылды.
Бул бағдарда қосымша Ҳүкиметлераралық комиссияның нәтийжели жумысын даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
ӨзА