Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ЭБШ саммитиниң тийкарғы илажларында қатнасыў ушын мәмлекетмизде болып турған Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен сөйлесиў өткерди.

Өзбекстан – Әзербайжан дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Турақлы өткерип келинип атырған жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде ерисилген келисимлердиң нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыў көрсеткишлери өспекте, автомобиль, электротехника, тоқымашылық санаатында, энергетика тармағында, аўыл хожалығы, логистика ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда әҳмийетли кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Мәдений-гуманитарлық илажлар өткерип келинбекте.

Өзбекстан-Әзербайжан басшылары әмелий бирге ислесиў бағдарламасы ҳәм жойбарларын әмелге асырыў бағдарында биргеликтеги жумысларды жедел даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.

ӨзА