Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында болып өтетуғын Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң он алтыншы саммитинде қатнасыў ушын 9-ноябрь күни мәмлекетимизге келди.
Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Саммит шеңберинде саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм усы көп тәреплеме структура жумысын жетилистириў мәселелери көрип шығылады.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2021-жыл 28-ноябрь күни Ашхабад қаласында болып өткен Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң (ЭБШ) он бесинши саммитинде қатнасқан еди.
Сол ўақытта мәмлекетимиз жетекшиси бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша бир қатар анық усынысларды алға қойған. Соңында Президентимиз ушырасыў қатнасыўшыларын Өзбекстанда өткерилетуғын гезектеги саммитке мирәт еткен еди.
Икром АВВАЛБОЕВ,
Носиржан ҲАЙДАРОВ (сүўрет), ӨзА