Қазақстан Республикасы Бас министри Алихан Смаилов Ташкентте болып өтетуғын Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң он алтыншы саммитинде қатнасыў ушын 8-ноябрь күни мәмлекетимизге келди.

Ташкент халықаралық аэропортында мийманды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Усы жылы өткен дәўир көрсеткишлери талланғанда, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде байланыслар сезилерли дәрежеде жеделлескен. Бул бағдардағы санларға тоқталамыз. ЭБШ шеңберинде товар айланысы 9,2 миллиард долларды, ағза мәмлекетлердиң мәмлекетимиздиң улыўма товар айланысындағы үлеси жигирма проценттен асламын қурайды.

Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер елимиздиң тийкарғы экспорт-бирге ислесиўшилер қатарына киреди. Бул регионаллық шөлкемниң халықаралық көлемдеги экономикалық потенциалы, орны барған сайын артып атырғаны қуўанышлы.

Икром АВВАЛБОЕВ,

Носиржон ҲАЙДАРОВ

(сүўрет), ӨзА