Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-ноябрь күни Қатар Мәмлекетиниң бурынғы Бас министри, усы мәмлекеттеги бир қатар ири инвестициялық ҳәм санаат холдинглериниң тийкарын салыўшысы Ҳамад бин Жассим Ол Сонийди қабыллады.
Қатар делегациясы жоқары дәрежедеги келисимлер шеңберинде елимизде болып тур.
Өзбекстанда перспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Бухара қаласында заманагөй мийманхана комплекси, Ташкент қаласында ири логистика орайы, саўда ҳәм турақ жай комплексин қурыў, жоқары тезликте ҳәрекетлениўге мөлшерленген автомобиль ҳәм темир жоллар инфраструктурасын қурыў, аэропортларды модернизациялаў, сондай-ақ, энергетика, металлургия, тоқымашылық санааты, шарўашылық, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм басқа да жойбарлар усылардың қатарына киреди.
Бул жойбарларды финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў ушын биргеликте фонд шөлкемлестириў режелери де додаланды.
Жойбарлар қоспа «жол картасы» тийкарында әмелге асырылады.
ӨзА