Усы жылдың 5-октябрь сәнесинде Президентимиз Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясына болған рәсмий сапары шеңберинде Казан қаласында Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов пенен ушырасты.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы Татарстан Республикасы басшысы менен әҳмийетли бағдарлар бойынша әмелий бирге ислесиў жойбарларын биргеликтеги “жол карта”лары тийкарында әмелге асырыўды келисип алған еди.

Усы «жол карта»ларда келисилген мәселелердиң әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгин Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов басшылығындағы делегация Қарақалпақстан Республикасына хызмет сапары менен келди.

Делегацияны Нөкис халықаралық аэропортында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев күтип алды.


7-ноябрь күни Татарстан Республикасы делегациясы Қарақалпақстандағы бир қатар кәрханаларды барып көриўи ҳәм Қарақалпақстан басшылары менен барлық тараўларда бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер алып барыўы режелестирилген.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы