Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы  басшылығында азық-аўқат өнимлериниң баҳаларының турақлылығын, сондай-ақ, базарларды керекли өнимлер менен системалы ҳәм кепилликли тәмийинлеў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.

Атап өтилгениндей, дийқан базарлары бүгинги күнде халықты биринши дәрежели азык-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўши тараўлардың бири болып есапланады. Республикамыз аймағындағы базарларда күнделикли азық-аўқат ѳнимлери баҳасының тийкарсыз асып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде турақлы түрде саўда ярмаркалары шѳлкемлестирилип келинбекте.

Ушырасыўда республика дийқан базарлары жанында шѳлкемлестирилген өнимлерди таярлаў, сақлаў кәрханаларына базарлардағы баҳаның турақлылығын тәмийинлеў бойынша ажыратылған қаржылар есабынан өнимлер резервин жаратыў илажлары алып барылмақта. Соның менен бирге,  музлатқыш ҳәм қоймаханаларды нәтийжели шөлкемлестириў, буннан тысқары, сырт еллерден өним сатып алып келиў ушын кредит қаржыларын ажыратыў илажлары да көрилип атырғанлығы атап өтилди.





Ушырасыўда сондай-ақ, базарларды тәртиплестириў, саўда орынларының санын көбейтиў, сатыўшылар ҳәм қарыйдарларға қолайлы шараятлар жаратыў, қыстың қыраўлы ҳәм жаўын-шашынлы күнлеринде де хызмет етиўши орынларды қурыў мәселелери көтерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги