Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев медицина тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлер, бул бағдарда орынлардағы медициналық бирлеспелер басшыларының пикир-усынысларын тыңлаў мақсетинде бас шыпакерлер менен ушырасты.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында халықтыӊ денсаўлығын беккемлеўге, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиўге, медициналық мәкемелерди зәрүрли дәри өнимлери, әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўге, қыстаўлы тез медициналық жәрдем көрсетиў мәкемелериниӊ жумысларын түп-тийкарынан жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Әҳмийетли тəрепи сонда, республикамыз халқының саламатлығы ҳәмийше Президентимиздиң дыққат-итибарында ҳәм айрықша ғамхорлығында болып келмекте.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған көплеген идеялар бүгин турмыс ҳақыйқатлығына айланып бармақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстандағы Онкология ҳәм радиология орайының филиалы ушын жаңа имарат қурыў ҳәм ең заманагөй үскенелер менен толық тәмийинлеў, оның аймағында наўқаслардың жақынлары ушын ўақтынша жасаў жатақханасын қурыў, келеси жылдан Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Қоңырат районларында 200 процент муғдарында айлық үстеме төлеўди жолға қойыў, сондай-ақ, Қарақалпақстандағы алыс ҳәм шетки аўылларда жумыс ислеп атырған барлық маман медицина хызметкерлерине 5 миллион сумға шекем өз алдына үстеме бериў илажлары көрилмекте. Соның менен бирге, тек ғана Қарақалпақстан ушын, халықтың стационарда емлениў қәрежетлерин дәрамат салығынан азат етиў, социаллық реестрге кирген халық ордер тийкарында Ташкент қаласында ямаса ўәлаятларға емлениўге келгенинде оларға авиа ҳәм темир жол қәрежетлерин толық қаплап бериў, қарақалпақстанлы балаларға жоқары технологиялы операциялар ушын қәўендерлик еткен исбилерменлердиң бул қәрежетлери салық өндириў базасынан шегирип таслаў сыяқлы имканиятлар жаратылмақта.
Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышқа алып шықпақта. Усы тийкарда республикамызда медициналық жәрдем кѳрсетиўди шѳлкемлестириўди жетилистириў, халықтың арасында кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм кадрлар потенциалын буннан былай да арттырыў бағдарында бир қатар илажлар алып барылмақта.
Ушырасыўда жаратылып берилип атырған усыншама имканиятларға қарамай, тараўда шешимин күтип турған бир қатар машқалалар сын көз-қараста талқыланды.
Ашық-айдын пикирлесиў түринде болып өткен ушырасыўда тараўды раўажландырыў, ушырасып атырған айырым машқалаларды сапластырыў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги