Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммитинде қатнасыў ушын Астана қаласына әмелий сапарын жуўмақлады.
Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде Өзбекстан жетекшиси елимиздиң шөлкемге басшылығында ерисилген тийкарғы нәтийжелерди атап өтти, структураны және де раўажландырыў ҳәм түркий мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша пикирлерин билдирди, бир қатар әҳмийетли усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.
Саммит шеңберинде Президент Шавкат Мирзиёевқа түркий халықлар шаңарағының бирлигин беккемлеўге, түркий мәмлекетлердиң мәплери ҳәм қарасларын халықаралық майданда белсене әмелге асырыўға қосқан үлеси ушын «Түркий дүньяның жоқарғы ордени» салтанатлы тапсырылды.
Сапар бағдарламасындағы илажлар жуўмақланғаннан соң, Өзбекстан Президенти Ташкентке жөнеп кетти. Аэропортта мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Бас министри Алихан Смаилов шығарып салды.
ӨзА