Түркий мәмлекетлер шөлкеминиӊ Мәмлекетлер басшылары кеӊесиниӊ жыйналысы шеӊберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа түркий халықлар шаӊарағыныӊ бирлигин беккемлеўге, түркий мәмлекетлердиӊ мәплерин ҳәм көзқарасларын халықаралық майданда актив алға қойыўға қосқан үлкен үлеси ушын жоқары сыйлық – “ Түркий дүньяныӊ жоқарғы ордени”н салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.
Илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Венгрия Бас министри Виктор Орбан, Түркмен халқыныӊ миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Кеӊеси Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов қатнасты.
Шөлкем мәмлекетлери басшылары атынан сыйлықты Қазақстан Президенти тапсырды.
– Бул сыйлықты мен биринши гезекте ҳақыйқый туўысқанлық байланыслары тийкарында жаӊадан раўажланып атырған жақын дослығымыз ҳәм бирге ислесиўимиз символы, деп билемен,- деди мәресимде мәмлекетимиз басшысы, кәсиплеслерине миннетдаршылық билдирип.
Соӊғы дәўирде Түркий дүньяныӊ абырайы ҳәм потенциалы ҳәр қашанғыдан да көбирек жоқарыланып атырғаны айрықша атап өтилди. Өзбекстан 2019-жылы ТМШға ағза болып киргенинен баслап мәмлекетимиз тәрепинен түркий мәмлекетлер арасында дослық, жақсы қоӊсышылық ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған 50 ден аслам усыныс ҳәм басламалар алға қойылды.
Мәмлекетимиздиӊ шөлкемге басшылығы дәўиринде 100 ден аслам ҳәр түрли илажлар өткерилди, әмелий бирге ислесиўдиӊ жаӊа нәтийжели механизмлери жаратылды, абырайлы глобал ҳәм регионаллық структуралар менен жақын шериклик байланыслары жолға қойылды.
Шөлкемге ағза барлық мәмлекетлер менен көп тәреплемели ҳәм өзара мәпдар байланыслар избе-из кеӊеймекте, стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылды, саўда көлемлери артпақта, кооперация күшеймекте.
– Барлығымыздыӊ әрман ҳәм мақсетлеримиз, умтылыс ҳәм ҳәрекетлеримиз уксас ҳәм сәйкес. Әзелден дос ҳәм туўысқан болған түркий халықларымыз буннан кейин де татыў ҳәм бирликли болып, жарқын келешекти бирге қурады, – деди мәмлекетимиз басшысы.
ӨзА