Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макрон 1-2-ноябрь күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болды.
Өзбекстан ҳәм Франция. Бул еки мәмлекетти бир неше мың километр аралық ажыратып турса да, саўда-экономикалық, мәдений байланыслар тарийхы узақ өтмишке барып тақалады. Атап айтқанда, Саҳыпқыран Әмир Темур Франция патшасы Шарль VI менен хат алысып, мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыўға итибар қаратқан. Европаның барлық мәмлекетлерине қарағанда Францияда уллы Саҳыпқыран ҳәм темурийлер ҳаққында көплеген илимий, көркем әдебий шығармалар жаратылған, уллы сәркарданың мәмлекетшилик сиясаты терең үйренилген. Мине, усы елде Саҳыпқыран ҳүрметине биринши мәрте алтыннан естелик исленген.
Франция мәмлекетимиз ғәрезсизлигин де бириншилерден болып, 1992-жыл 3-январьда тән алған. Мәмлекетлеримиз арасындағы дипломатиялық қатнасықлар 1992-жыл 1-мартта орнатылған болып, 1992-жыл июньде Францияның Өзбекстандағы елшиханасы, 1995-жыл март айында болса Өзбекстанның Франциядағы елшиханасы жумыс баслаған.
Ҳәзирги күнде Өзбекстанда Франция капиталының қатнасыўындағы 47 кәрхана, соның ишинде, толық Франция инвестиция тийкарындағы 17 кәрхана жумыс алып бармақта. Усы жыл апрель айында Ташкентте Франция Исбилерменлер ҳәрекети – «MEDEF International» менен биргеликте шөлкемлестирилген бизнес форумда 35 ден аслам Франция компанияларының ўәкиллери қатнасты.
Франция раўажланыў агентлиги (АFD) менен қол қойылған 2023-2025-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде баҳасы 1 миллиард евродан артық жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.
Ҳәзирги күнде Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасында «Өзбекстан-Франция» дослық топарлары жумыс алып бармақта.
Кейинги жыллары жедел раўажланып атырған Өзбекстан – Франция қатнасықларында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2021 ҳәм 2022-жыллары Францияға әмелге асырған рәсмий сапарлары үлкен әҳмийетке ийе болды.
Соның ишинде, өткен жылы 22-ноябрь күни Париждеги ушырасыў ўақтында еки мәмлекет басшылары өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў, қатнасықларды жоқары дәрежедеги кең көлемли шериклик руўхында раўажландырыўға келисип алған еди. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Франция Президенти Эммануэль Макронды өзи ушын қолайлы ўақытта сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт еткен еди.
Франция Президентиниң елимизге сапарының тийкарғы илажлары 2-ноябрь күни Самарқанд қаласында жоқары мәртебели мийманды рәсмий күтип алыў мәресиминен басланды.
Конгресс орайы алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Өзбекстан Президенти жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алды ҳәм минберге мирәт етти.
Әскерий оркестр атқарыўында еки мәмлекет гимнлери жаңлады. Ҳүрметли қараўыл мәмлекет басшылары алдынан салтанатлы түрде жүрип өтти.
Өзбекстан ҳәм Франция Президентлери рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў алдында мәмлекетимиз жетекшиси Франция Президентиниң Өзбекстанға соңғы 30 жылдағы биринши сапары тарийхый әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.
Эммануэль Макрон мәмлекетимиз басшысына сапар менен келиў усынысы ҳәм Франция делегациясына көрсетилип атырған қызғын миймандослық ушын миннетдаршылық билдирди.
Франция басшысы Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпас реформалар бағдарламасын толық қоллап-қуўатлады.
Жетекшилер Франция менен Өзбекстан арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады ҳәм еки тәреплеме қатнасықларды стратегиялық шериклик дәрежесине көтериўге келисип алды.
Кейинги жыллары көп тәреплемели Өзбекстан-Франция қатнасықлары барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғаны атап өтилди.
Товар алмасыў ҳәм биргеликтеги кәрханалар санының есесине артқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳәзирги ҳәм келешектеги жойбарлар портфели 10 миллиард евродан артты.
Франция раўажланыў агентлиги менен 1 миллиард евролық Стратегиялық бирге ислесиў бағдарламасы әмелге асырылмақта.
«Жасыл» энергетика, шийки зат ресурсларын қазып алыў ҳәм қайта ислеў, инновациялық аўыл хожалығы, суў тәмийнаты, логистика, инфраструктураны раўажландырыў, туризм ҳәм басқа да тараўларда жаңа ири жойбарларды әмелге асырыў илажлары додаланды.
Франция Өзбекстанның Орайлық Азияда исенимди беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң ЖДСға ағза болыўын сондай-ақ, Евроаўқам менен Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге тез ўақыт ишинде қол қойылыўын буннан былай да қоллап-қуўатлаўға таяр екени атап өтилди.
Сиясий пикирлесиўди даўам еттириў, қәўипсизлик, пайда болып атырған қәўип-қәтерлерге нәтийжели қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў күн тәртибиниң бай екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өзбекстанда француз тилин үйрениўге қызығыўшылық артып атырғаны айтылды.
Ташкент қаласында Өзбекстан-Франция жоқары билимлендириў мәкемесин ашыўды тезлестириў ҳәм француз тили муғаллимлерин таярлаў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алынды.
Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның сөйлесиўлери еки мәмлекет рәсмий делегациялары қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам етти.
Мәмлекетимиз басшысы ушырасыўды ашып, Франция Президентине рәсмий шахслар, жетекши компаниялар басшылары, белгили мәденият ҳәм илим ғайраткерлеринен ибарат абырайлы делегация басшылығында Өзбекстанға келгени ушын миннетдаршылық билдирди.
– Бул сизиң Өзбекстан-Франция дослық ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўге жеке итибарыңыз ҳәм айрықша қатнасыңыздың айқын тастыйығы болып есапланады,-деди Шавкат Мирзиёев.
Турақлылыққа ийе болған жоқары дәрежедеги ушырасыўлар себепли еки мәмлекет қатнасықлары кең көлемли түс алғаны атап өтилди.
Тәреплер жедел сиясий байланысларды, парламентлер, ҳүкиметлер, сыртқы сиясий ҳәм экономикалық уйымлардың турақлы қарым-қатнасын даўам еттириўге келисип алды.
Есап-санақларға бола, жақын арада 1 миллиард евроға жетиўи күтилип атырған товар алмасыў жедел өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳәзирги ҳәм келешектеги жойбарлар портфели 10 миллиард евродан асламды қурамақта.
Елимизде Францияның Orano, EDF, Total, SUEZ, Eiffage, Voltalia, Lactalis, Veolia ҳәм көплеген басқа да жетекши компаниялары табыслы жумыс алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысы қазып алыў тармағы, стратегиялық шийки зат ресурсларын қайта тиклеў, гибрид, қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў, суў тәмийнаты системаларын модернизациялаў, «ақыллы» аўыл хожалығын енгизиў, қала ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, туризмди бирге ислесиўдиң тийкарғы тараўлары сыпатында атап өтти.
Исбилерменлер арасындағы шерикликти әмелге асырыў ушын Өзбекстан-Франция саўда палатасының иске қосылатуғыны ҳәм Ташкентте «Business France» агентлигиниң офисин ашыў режелестирилип атырғаны жәрияланды.
Гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўди тереңлестириў мақсетинде үш жыллық бағдарлама қабыл етиў ҳәм оның шеңберинде өз-ара Мәденият күнлерин өткериў усыныс етилди.
Тәреплер Самарқанд қаласында Франция алянсы филиалының ашылыўын қоллап-қуўатлады ҳәм биргеликтеги жоқары билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириўди тезлестириўге келисип алды.
Францияның ҳәр қыйлы қалаларынан Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўаға чартер рейслерди шөлкемлестирген ҳалда туристлер алмасыўын раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў басламасы алға қойылды.
Халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер, қәўипсизликке улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириў бойынша пикир алысылды.
Ушырасыў соңында Өзбекстан жетекшиси Франция Президентине 2024-жылы Париж қаласында жазғы Олимпиада ойынларының табыслы өтиўин тиледи.
Мәмлекет басшылары ерисилген барлық келисимлерди әмелге асырыў бойынша «жол картасы»н таярлаўға тапсырма берди.
Самарқанд қаласында болып өткен сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Республикасы Президенти Президенти Эммануэль Макрон Қоспа билдириў қабыллады.
Ҳүжжетте еки мәмлекеттиң өз-ара қатнасықларды стратегиялық шериклик дәрежесине көтериў нийети атап өтилген.
Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайына ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда мәмлекетлераралық қатнасықларды кеңейтиў перспективаларына баҳа берилген, тәреплер халықаралық шеңбердеги бирге ислесиўди тереңлестириўге, әҳмийетли глобаллық ҳәм регионаллық машқалаларды биргеликте шешиўге умытылыўы тастыйықланған.
Президентлер басшылығында қаржы, билимлендириў мәденият ҳәм бирге ислесиўдиң басқа да бағдарлары бойынша 8 еки тәреплеме ҳүжжетке қол қойылды. Соның ишинде:
– «Самарқанд Француз Альянсы»н шөлкемлестириў ҳәм оның жумысы ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;
– Өзбекстанда ишимлик суўы тәмийнаты инфраструктурасын жақсылаў бойынша ҳүкиметлераралық қаржылық билдириўлер (1- ҳәм 2-басқышлар);
– Өзбекстанда Франция раўажланыў агентлиги ҳәм «ПРОПАРКО»ны шөлкемлестириў ҳәм олардың жумысы ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында билдириў;
– сыртқы ислер министрликлери арасында дипломатиялық кадрлар таярлаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында декларация;
– мектепке шекемги, мектеп, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў бойынша билдириў;
– мәдений мийрас тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында декларация;
– профессионаллық ҳәм техникалық билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим.
Сондай-ақ, сапар шеңберинде Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры ҳәм «SUEZ» ҳәм «Bouygues» компаниялары арасында бирге ислесиў ҳаққында декларацияларға қол қойылды.
Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның Өзбекстан Республикасына рәсмий сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Самарқанд қаласында биргеликтеги бизнес форумы болып өтти. Оның жумысында еки мәмлекет басшылары қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2022-жыл ноябрь айында Францияға рәсмий сапары даўамында да бул мәмлекет исбилермен топарларының жетекши ўәкиллери менен ушырасқан. Сол ўақытта саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиў бойынша анық келисимлерге ерисилген еди. Бүгинги ушырасыў усы ашық ҳәм конструктивлик пикирлесиўдиң даўамы болды.
Франция тәрепинен илажда сыртқы саўда, экономикалық тартымлылық мәселелери ҳәм сырт елдеги француз пуқараларының жумыслары бойынша министр-делегат Оливье Бешт, экономика, қаржы, санаат ҳәм санлы суверенитет министри жанындағы санаат мәселелери бойынша министр-делегат Ролан-Лескюр, «MEDEF International» бизнес аўқамының бас директоры Клод Имовен, Франция раўажланыў агентлигиниң бас директоры Реми Риу қатнасты.
Буннан тысқары, илажда EDF, Voltalia, Total Energies, Orano, Eiffage, Veolia, SUEZ, Lactalis, Semai, Semmaris, Alstom, Airbus Helicopters, ATR, Vicat, Mobilitas, Boehringer Ingelheim, Thales, Aramine, Meridiame, Societe Generale, Natixis сыяқлы ири компания ҳәм банклердиң басшылары қатнасты.
Тарийхый Самарқандтағы ушырасыўды ашып, мәмлекетимиз басшысы Президент Эммануэль Макронды ҳәм Франция исбилермен элитасы ўәкиллерин қызғын қутлықлады.
Жоқары дәрежедеги жедел қарым-қатнас себепли саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўде унамлы пәт бақланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жылдың басынан берли саўда көлеми үш есеге, кейинги жыллары биргеликтеги кәрханалар саны төрт есеге көбейди.
Тиккелей саўда байланыслары ҳәм санаат кооперациясын және де беккемлеў еки мәмлекеттиң узақ мүддетли мәплерине сәйкес екени атап өтилди.
– Бүгин қәдирли кәсиплесим менен оғада нәтийжели сөйлесиўлерди өткердик, бирге ислесиўимиздиң жаңа дәўири басланып атырғанын айрықша атап өтиўди қәлер едим. Келешекте өз-ара қатнасықларымызды стратегиялық шериклик дәрежесине көтериў нийетиндемиз,-деди Өзбекстан Президенти.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жетекшилер келешекте саўда көлемлерин кескин арттырыў, Франция компанияларының инвестициялық жумысын жеделлестириў мәселелерине ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўге келисип алғанын атап өтти.
Онда биргеликтеги жойбарларды қаржыландырыўдың жаңа механизмлери енгизиледи, бизнес ушын және де қолайлы шараятлар жаратылады ҳәм исбилерменлик басламаларына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиледи.
Ҳәзирги күнде энергетика, таў-кән санааты, суў тәмийнаты, транспорт, аўыл хожалығы, банк-қаржы ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўде үлкен нәтийжелерге ерисилмекте.
Францияның исбилермен топарлары менен нәтийжели ҳәм ашық пикирлесиўди кеңейтиў ушын жаңа нәтийжели платформаларды жаратыўға таярлық билдирилди.
Усы мәниде, мәмлекетимиз жетекшиси Өзбекстан-Франция саўда палатасын шөлкемлестириў бойынша форум шеңберинде ерисилген келисимди қоллап-қуўатлады. Буннан тысқары, Ташкент қаласында «Business France» агентлигиниң офисин ашыў режелери қоллап-қуўатланды.
Франция ҳүкимети, жетекши компаниялары ҳәм финанс институтлары Өзбекстандағы реформалар бағдарламасын беккем қоллап-қуўатлаўда даўам еттириўден мәпдарлық билдирилди.
– Бир нәрсени анық айтыўым мүмкин – реформаларымыз артқа қайтпас түс алды. Бизиң баслы тийкарғы мақсетимиз – күшли пуқаралық жәмийети институтлары, заманагөй инфраструктура ҳәм қүдиретли санаатқа ийе болған демократиялық мәмлекеттиң қурыў болып есапланады,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан-Франция шериклигин кеңейтиў бойынша төрт ең тийкарғы бағдарды көрсетип өтти ҳәм бир қатар басламаларды алға қойды.
Мәмлекетимиз «жасыл» энергетикадай әҳмийетли тараўда стратегиялық бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екени атап өтилди. Бул бағдарда “EDF”, “Voltalia” ҳәм “Total Energies” компаниялары менен ири жойбарлар басланған.
Кооперацияның және бир әҳмийетли бағдары сыпатында стратегиялық шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў ҳәм алдыңы технологиялар тийкарында санаат өнимлерин ислеп шығарыў атап өтилди.
Суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм заманагөй инфраструктураны қурыў әҳмийетли тийкарғы бағдар сыпатында көрсетип өтилди. “SUEZ”, “Eiffage” ҳәм “Veolia” компаниялары менен биргеликте елимиздиң суў тәмийнаты ҳәм ысытыў системаларын модернизациялаў бойынша үлкен жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди.
Гезектеги әҳмийетли бағдар сыпатында аўыл хожалығында бәсекиге шыдамлылықты арттырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге үлкен итибар қаратылды.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз аймақларында заманагөй агрологистика комплекслерин қурыў бойынша Франция тәрепи менен белсене бирге ислесиўи қоллап-қуўатланды.
Өзбекстан Президенти бизнес форум еки мәмлекет исбилерменлери арасында әмелий пикирлесиўди жеделлестириў ҳәм жаңа өсиў ноқатларын белгилеп алыўға қаратылғаны менен айрықша әҳмийетли екенин атап өтти.
– Жаңа Өзбекстанда ислеў ушын франциялы шериклеримизге есиклеримиз барқулла ашық екенин, қандай пайдалы биргеликтеги жойбарларыңыз болса, әмелге асырыўға ҳәмийше таяр екенлигимизди атап өтпекшимен,-деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында.
Франция Президенти Эммануэль Макрон да бизнес форум қатнасыўшыларына мүрәжат етти. Ол Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен әмелге асырылып атырған реформаларды толық қоллап-қуўатлап, усы сиясат себепли еки тәреплеме инвестициялық бирге ислесиў ушын үлкен имканиятлар ашылғанын атап өтти. Өз-ара пайдалы шерикликтеги үлкен потенциалды және де жедел иске қосыўға шақырды, оннан мәмлекетлеримиздиң экономикасы ҳәм халықлары пайда табыўына исеним билдирди.
Бизнес форум соңында энергетика, металлургия, суў тәмийнаты, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда ерисилген келисимлер бойынша салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойылды.
Өзбекстан – Франция бизнес форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Orano» компаниясының баслығы Клод Имовен, «EDF» компаниясының баслығы ҳәм бас директоры Люк Ремон ҳәм «Semmaris» компаниясының баслығы Стефан Лаяны, «Meridiame» компаниясының баслығы Тьерри До, «Lactalis» компаниясының баслығы Эммануэль Бенье, «Boehringer Ingelheim» компаниясының баслығы Кристиан Вижсен ҳәм Франция раўажланыў агентлигиниң басшысы Реми Риу менен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў ўақтында усы компаниялар ҳәм агентлик пенен бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыў, биргеликте әмелге асырылып атырған ҳәм келешектеги жойбарлар бойынша пикир алысылды. Мәмлекетимиз басшысы елимизде Франция исбилерменлериниң нәтийжели жумыс алып барыўы ушын барлық имканият ҳәм қолайлықлар жаратылыўын атап өтти.
Самарқандтағы жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден соң Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Президенти Эммануэль Макрон мәмлекетлеримизди және де жақынластырыў ҳәм халықларымыз арасындағы дослықты беккемлеўге исенимли умтылыс белгиси сыпатында Самарқандтағы Конгресс орайының бағында терек екти.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Президенти Эммануэль Макрон мәмлекетимиздиң мәдений мийрасына бағышланған көргизбе менен танысты.
Онда мәмлекетимиздиң 7 музейинен экспонатлар жәмленген. Халқымыздың әййемги тарийхы ҳәм бай мәденияты ҳаққында тәсирлендириўши бул бийбаҳа экспонатлар хронологиялық экскурсия түринде жайластырылған.
Бизге белгили, елимиз аймағы трансконтинентал байланыслар раўажланыўы менен саўда, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм архитектура орайына айланған. Әййемги естеликлерде көплеген мәдениятлар – түркий, парсы, грек-бактрия, араб, ҳинд, қытай ҳәм басқа да халықлар қәдириятларының излери бар. Қызықлы көринис тамашагөйге экспонатлардың сулыўлығын, мәдений ҳәм тарийхый әҳмийетин түсиниўге жәрдем береди ҳәм мәмлекетимиз бойлап саяхат етиў тилегин оятады.
Көргизбе 3 бөлимнен ибарат. Биринши бөлим әййемги мәмлекетлер дәўири, мәдениятлардың Жипек жолы арқалы тарқалыўы, Кушандар империясы ҳаққында болып, ҳәйкелшелер, алтын буйымлар ҳәм тыйынлар көрсетилген. Олардың айырымлары Өзбекстан ҳәм Франция илимпазларының биргеликтеги экспедицисында табылғаны дыққатқа ылайық.
Екинши бөлим әййемги ҳәм орта әсирлерде көркем өнер ҳәм мәденияттың гүллеп-жайнаўы, жоллар ҳәм кәрўанлар темасы менен таныстырады.
^шинши Ренессанс ҳәм темурийлер дәўиринде Орайлық Азияда ислам дининиң тарқалыўы, мәденият ҳәм илимниң раўажланыўы ҳаққында. Бул жерде мийманлар Мухаммед Муса ал-Хорезмий, Әбиў Али ибн Сина, Әбиў Райхан Беруний, Имам Бухарий, Мырза Улығбек ҳәм Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы илимпазлардың қолжазбалары менен танысыўы мүмкин. Бул бөлим уллы ҳүкимдар Әмир Темур тулғасы әтирапында шөлкемлестирилген болып, онда сол дәўирге байланыслы безеў буйымлары ҳәм Франция патшасының Саҳыпқыранға жоллаған хаты берилген.
Көргизбе Франция Президенти ҳәм делегация ағзаларында үлкен тәсир қалдырды.
Буннан соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Эммануэль Макрон Француз альянсының Самарқанд қаласындағы филиалына барды.
Француз тили ҳәм мәдениятын үгит-нәсиятлаўға жәрдемлесиўши бул мәмдекетлик емес коммерциялық емес шөлкем 1883-жылы Париж қаласында Жюль Верн ҳәм Луи Пастер сыяқлы өз дәўириниң атақлы шахсларының басламасы менен дүзилген. Ҳәзирги күнде Француз альянсының 800 ден аслам филиалы дүньяның 137 мәмлекетинде жумыс алып бармақта.
Альянстың мәмлекетимиздеги биринши филиалы 2015-жылы Ташкентте ашылған еди. Мәденият ҳәм тил тараўындағы еки тәреплеме алмасыўларды және де кеңейтиў мақсетинде жақында Самарқанд қаласында және бир филиал шөлкемлестирилди.
Сапар ўақтында мәмлекет басшылары лентаны салтанатлы түрде кести ҳәм орайды ашып берди.
Президентлер заманагөй үскенеленген орайдың имканиятлары менен танысты. Бул жерде француз тили ҳәм әдебияты бойынша оқыў курслары шөлкемлестириледи. Орай 200 ге шекем француз мәдениятына қызығыўшылықларды қабыл ете алады.
Альянстың Самарқандтағы жумысы халықларымызды және де жақынластырыў, өз-ара дослықты беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макрон мәмлекетимизге рәсмий сапары шеңбериндеги илажлар жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Самарқанд қаласының әййемги естеликлери менен танысты.
Мәмлекет басшылары дәслеп Мырза Улығбек обсерваториясы ҳәм музейин барып көрди.
Бизге белгили, Мухаммед Тарағай Мырза Улығбек Әмир Темурдың сүйикли ақлығы болған, Саҳыпқыранның ийгиликли жумысларын даўам еттирген. Ол ҳәм ҳүкимдар, ол илимпаз сыпатында илим ҳәм мәдениятты раўажландырған, дөретиўшиликке үлкен итибар қаратқан. Орта әсирлерде-ақ бийбаҳа обсерватория қурып, аспан денелерин жүдә анық үйренген.
Мырза Улығбектиң «Зижи жадиди Кўрагоний» шығармасы дүнья астрономиясында әҳмийетли қолланба болып есапланады. Оны Европа, соның ишинде, франциялылар да жақсы биледи.
Атап айтқанда, француз астрономы Жозеф-Николя Делил жумысы даўамында Мырза Улығбектиң шығармаларын үйренген. «Зижи жадиди Кўрагоний» шығармасын латын тилине аўдарған. Делил 1739-жылы уллы бабамыздың астрономия кестелери ҳаққында шығып сөйлеген. Бул шығып сөйлеген сөздиң тексти ҳәзирги күнге шекем сақланып қалған.
Бундай мағлыўматлар еки халық байланысларының тарийхый тамырларының қаншелли тереңлигин көрсетеди.
Мийманлар музейде Мырза Улығбек дәўирине байланыслы экспонатлар, китаплар, қолжазбалар, түпнусқадағы квадрант әсбабын көзден өткерди.
Президентлер Әмир Темур мақбарасына барды.
Жоқары мәртебели мийманға уллы Саҳыпқыранның өмири, әскерий шеберлиги, қурылыс жумыслары ҳаққында айтып берилди.
Әмир Темур өз күш ҳәм имканияты менен ҳүкимдарлық дәрежесине шыққан, Ҳиндстаннан Европаға шекемги аймақта турақлы мәмлекет қурған уллы шахс болып есапланады. Саҳыпқыранның әскерий жүрислери ҳәм дипломатиясы узақ үлкелерге де үлкен тәсир көрсеткен. Европа патшалары Әмир Темур мәмлекетин тән алып, оның менен байланыс орнатыўға умтылған.
Соның ушын да пүткин дүньяда Әмир Темур шахсына ҳәм темурийлар мийрасына қызығыўшылық үлкен. Соның ишинде, 1988-жылы Францияда Темурийлар тарийхы ҳәм мәдениятын үйрениўшилер ассоциациясы дүзилген. Оның бурынғы президенти, профессор Люсен Керен Әмир Темур ҳәм темурийлер дәўирин көп жыллар даўамында изертлегени, Франция ҳәм Өзбекстан халықларының жақынласыўына үлкен үлес қосқаны ушын Өзбекстанның «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған.
1996-жылы Париждеги ЮНЕСКО резиденциясында «Темурийлер дәўиринде илим, мәденият ҳәм илимниң гүллеп-жайнаўы» атамасындағы көргизбе болған. Өткен жылы мәмлекетимиз басшысының Францияға сапары шеңберинде Лувр музейинде шөлкемлестирилген «Өзбекстан үлкелериниң ғәзийнелери. Кәрўан жолларының кесилиспесинде» көргизбеси үлкен ўақыя болған еди. Онда темурийлер мйирасына айрықша орын ажыратылды.
Мәмлекет басшылары Регистан комплексинде де болды.
Бизге белгили, бул дәргай Мырза Улығбек, Шердар ҳәм Тилләкәри медреселеринен ибарат. Мырза Улығбек ҳәм Баҳадир Жалаңтос қурдырған бул естеликлер әсирлер даўамында илим халқын өзине шақырып келген, жүзлеген илимпазлар менен ойшылларға мектеп болған. Әжайып симметрия ҳәм архитектуралық көриниске ийе бул комплекс ҳәзирги күнде Самарқандтың «мирәт қағазы»на айланған.
Мийманларға ата-бабаларымыздың архитектуралық дәстүрлери, дийўаллардағы нағыслар ҳәм мәнилер ҳаққында айтып берилди.
Соң Президентлер Шахы Зиндаға барды. Бул комплекс саҳаба Қусам ибн Аббас ҳәм илимпаз бабалардың мақбараларынан ибарат. Комплекстиң тарийхый, мәдений ҳәм көркем қунлылығы сонда, ол архитектура ҳәм безек көркем өнериниң бир неше әсирлер даўамында раўажланыўы ҳаққында тәсир береди. Шахы Зинда 2001-жылы ЮНЕСКОның Пүткил дүнья жүзилик мийрасы дизимине киргизилген. Усы тәреплери менен туристлерди ҳәмийше өзине тартады.
Мийманлар комплекс дәрўазасы ҳәм мақбаралар тарийхы менен танысты, нағыслардың сулыўлығын атап өтти.
Усының менен Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның мәмлекетимизге рәсмий сапары жуўмақланды.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Ғолиб ҲАСАНОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары