Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның Өзбекстан Республикасына рәсмий сапарының исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде Самарқанд қаласында биргеликтеги бизнес форумы болып өтти. Оның жумысында еки мәмлекет басшылары қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2022-жыл ноябрь айында Францияға рәсмий сапары даўамында да бул мәмлекет исбилермен топарларының жетекши ўәкиллери менен ушырасқан. Сол ўақытта саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиў бойынша анық келисимлерге ерисилген еди. Бүгинги ушырасыў усы ашық ҳәм конструктивлик пикирлесиўдиң даўамы болды.
Франция тәрепинен илажда сыртқы саўда, экономикалық тартымлылық мәселелери ҳәм сырт елдеги француз пуқараларының жумыслары бойынша министр-делегат Оливье Бешт, экономика, қаржы, санаат ҳәм санлы суверенитет министри жанындағы санаат мәселелери бойынша министр-делегат Ролан-Лескюр, «MEDEF International» бизнес аўқамының бас директоры Клод Имовен, Франция раўажланыў агентлигиниң бас директоры Реми Риу қатнасты.
Буннан тысқары, илажда EDF, Voltalia, Total Energies, Orano, Eiffage, Veolia, SUEZ, Lactalis, Semai, Semmaris, Alstom, Airbus Helicopters, ATR, Vicat, Mobilitas, Boehringer Ingelheim, Thales, Aramine, Meridiame, Societe Generale, Natixis сыяқлы ири компания ҳәм банклердиң басшылары қатнасты.
Тарийхый Самарқандтағы ушырасыўды ашып, мәмлекетимиз басшысы Президент Эммануэль Макронды ҳәм Франция исбилермен элитасы ўәкиллерин қызғын қутлықлады.
Жоқары дәрежедеги жедел қарым-қатнас себепли саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўде унамлы пәт бақланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жылдың басынан берли саўда көлеми үш есеге, кейинги жыллары биргеликтеги кәрханалар саны төрт есеге көбейди.
Тиккелей саўда байланыслары ҳәм санаат кооперациясын және де беккемлеў еки мәмлекеттиң узақ мүддетли мәплерине сәйкес екени атап өтилди.
– Бүгин қәдирли кәсиплесим менен оғада нәтийжели сөйлесиўлерди өткердик, бирге ислесиўимиздиң жаңа дәўири басланып атырғанын айрықша атап өтиўди қәлер едим. Келешекте өз-ара қатнасықларымызды стратегиялық шериклик дәрежесине көтериў нийетиндемиз,-деди Өзбекстан Президенти.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жетекшилер келешекте саўда көлемлерин кескин арттырыў, Франция компанияларының инвестициялық жумысын жеделлестириў мәселелерине ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўге келисип алғанын атап өтти.
Онда биргеликтеги жойбарларды қаржыландырыўдың жаңа механизмлери енгизиледи, бизнес ушын және де қолайлы шараятлар жаратылады ҳәм исбилерменлик басламаларына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиледи.
Ҳәзирги күнде энергетика, таў-кән санааты, суў тәмийнаты, транспорт, аўыл хожалығы, банк-қаржы ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўде үлкен нәтийжелерге ерисилмекте.
Францияның исбилермен топарлары менен нәтийжели ҳәм ашық пикирлесиўди кеңейтиў ушын жаңа нәтийжели платформаларды жаратыўға таярлық билдирилди.
Усы мәниде, мәмлекетимиз жетекшиси Өзбекстан-Франция саўда палатасын шөлкемлестириў бойынша форум шеңберинде ерисилген келисимди қоллап-қуўатлады. Буннан тысқары, Ташкент қаласында «Business France» агентлигиниң офисин ашыў режелери қоллап-қуўатланды.
Франция ҳүкимети, жетекши компаниялары ҳәм қаржы институтлары Өзбекстандағы реформалар бағдарламасын беккем қоллап-қуўатлаўда даўам еттириўден мәпдарлық билдирилди.
– Бир нәрсени анық айтыўым мүмкин – реформаларымыз артқа қайтпас түс алды. Бизиң баслы тийкарғы мақсетимиз – күшли пуқаралық жәмийети институтлары, заманагөй инфраструктура ҳәм қүдиретли санаатқа ийе болған демократиялық мәмлекеттиң қурыў болып есапланады,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан-Франция шериклигин кеңейтиў бойынша төрт ең тийкарғы бағдарды көрсетип өтти ҳәм бир қатар басламаларды алға қойды.
Мәмлекетимиз «жасыл» энергетикадай әҳмийетли тараўда стратегиялық бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екени атап өтилди. Бул бағдарда “EDF”, “Voltalia” ҳәм “Total Energies” компаниялары менен ири жойбарлар басланған.
Кооперацияның және бир әҳмийетли бағдары сыпатында стратегиялық шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў ҳәм алдыңы технологиялар тийкарында санаат өнимлерин ислеп шығарыў атап өтилди.
Суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм заманагөй инфраструктураны қурыў әҳмийетли тийкарғы бағдар сыпатында көрсетип өтилди. “SUEZ”, “Eiffage” ҳәм “Veolia” компаниялары менен биргеликте елимиздиң суў тәмийнаты ҳәм ысытыў системаларын модернизациялаў бойынша үлкен жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди.
Гезектеги әҳмийетли бағдар сыпатында аўыл хожалығында бәсекиге шыдамлылықты арттырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге үлкен итибар қаратылды.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз аймақларында заманагөй агрологистика комплекслерин қурыў бойынша Франция тәрепи менен белсене бирге ислесиўи қоллап-қуўатланды.
Өзбекстан Президенти бизнес форум еки мәмлекет исбилерменлери арасында әмелий пикирлесиўди жеделлестириў ҳәм жаңа өсиў ноқатларын белгилеп алыўға қаратылғаны менен айрықша әҳмийетли екенин атап өтти.
– Жаңа Өзбекстанда ислеў ушын франциялы шериклеримизге есиклеримиз барқулла ашық екенин, қандай пайдалы биргеликтеги жойбарларыңыз болса, әмелге асырыўға ҳәмийше таяр екенлигимизди атап өтпекшимен,-деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында.
Франция Президенти Эммануэль Макрон да бизнес форум қатнасыўшыларына мүрәжат етти. Ол Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен әмелге асырылып атырған реформаларды толық қоллап-қуўатлап, усы сиясат себепли еки тәреплеме инвестициялық бирге ислесиў ушын үлкен имканиятлар ашылғанын атап өтти. Өз-ара пайдалы шерикликтеги үлкен потенциалды және де жедел иске қосыўға шақырды, оннан мәмлекетлеримиздиң экономикасы ҳәм халықлары пайда табыўына исеним билдирди.
Бизнес форум соңында энергетика, металлургия, суў тәмийнаты, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда ерисилген келисимлер бойынша салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойылды.
ӨзА