Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның рәсмий сапары шеңберинде Самарқандта өтип атырған Өзбекстан-Франция бизнес форумында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Франция раўажланыў агентлигиниң басшысы Реми Риу менен ушырасыў өткерди.
Францияның бул мәмлекетлик қаржы мәкемеси менен 1 миллиард евролық Стратегиялық бирге ислесиў бағдарламасының табыслы әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Президентимиз бул агентликтиң бюджетти қоллап-қуўатлаў ҳәм бирге ислесиў шеңбериндеги жойбарлардың техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыў бойынша келисимлерге кол қойыў басламасын қоллап-қуўатлады.
ӨзА