Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Өзбекстан-Франция бизнес форумы шеңберинде «Boehringer Ingelheim» компаниясының баслығы Кристиан Вижсен менен ушырасыў өткерди.
Компания био- ҳәм онкологиялық препаратларды шәртнама тийкарында ислеп шығыў ҳәм ислеп шығарыў бойынша хызметлер көрсетиўши компаниялардың жетекши жигирмалығына киреди.
Ушырасыў ўақтында биргеликте онкологиялық дәри қуралларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў имканиятлары көрип шығылды.
ӨзА