Самарқандта өтип атырған Өзбекстан-Франция бизнес форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Meridiame» компаниясының баслығы Тьерри До менен ушырасты.
Компания Европа, Арқа Америка ҳәм Африкада инфраструктура тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў менен шуғылланады. Он бир мәмлекетте офислерине ийе. Активлери – 18 миллиард евро.
Ушырасыўда компанияның «Жаңа Ташкент»ти қурыў шеңберинде инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды.
ӨзА