Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның сөйлесиўлери еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам етти.
Мәмлекетимиз басшысы ушырасыўды ашып, Франция Президентине рәсмий шахслар, жетекши компаниялар басшылары, белгили мәденият ҳәм илим ғайраткерлеринен ибарат абырайлы делегация басшылығында Өзбекстанға келгени ушын миннетдаршылық билдирди.
– Бул сизиң Өзбекстан-Франция дослық ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўге жеке итибарыңыз ҳәм айрықша қатнасыңыздың айқын тастыйығы болып есапланады,-деди Шавкат Мирзиёев.
Турақлылыққа ийе болған жоқары дәрежедеги ушырасыўлар себепли еки мәмлекет қатнасықлары кең көлемли түс алғаны атап өтилди.
Тәреплер жедел сиясий байланысларды, парламентлер, ҳүкиметлер, сыртқы сиясий ҳәм экономикалық уйымлардың турақлы қарым-қатнасын даўам еттириўге келисип алды.
Есап-санақларға бола, жақын арада 1 миллиард евроға жетиўи күтилип атырған товар алмасыў жедел өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳәзирги ҳәм келешектеги жойбарлар портфели 10 миллиард евродан асламды қурамақта.
Елимизде Францияның Orano, EDF, Total, SUEZ, Eiffage, Voltalia, Lactalis, Veolia ҳәм көплеген басқа да жетекши компаниялары табыслы жумыс алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысы қазып алыў тармағы, стратегиялық шийки зат ресурсларын қайта тиклеў, гибрид, қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў, суў тәмийнаты системаларын модернизациялаў, «ақыллы» аўыл хожалығын енгизиў, қала ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, туризмди бирге ислесиўдиң тийкарғы тараўлары сыпатында атап өтти.
Исбилерменлер арасындағы шерикликти әмелге асырыў ушын Өзбекстан-Франция саўда палатасының иске қосылатуғыны ҳәм Ташкентте «Business France» агентлигиниң офисин ашыў режелестирилип атырғаны жәрияланды.
Гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўди тереңлестириў мақсетинде үш жыллық бағдарлама қабыл етиў ҳәм оның шеңберинде өз-ара Мәденият күнлерин өткериў усыныс етилди.
Тәреплер Самарқанд қаласында Франция алянсы филиалының ашылыўын қоллап-қуўатлады ҳәм биргеликтеги жоқары билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириўди жеделлестириўге келисип алды.
Францияның ҳәр қыйлы қалаларынан Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўаға чартер рейслерди шөлкемлестирген ҳалда туристлер алмасыўын раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў басламасы алға қойылды.
Халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер, қәўипсизликке улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириў бойынша пикир алысылды.
Ушырасыў соңында Өзбекстан жетекшиси Франция Президентине 2024-жылы Париж қаласында жазғы Олимпиада ойынларының табыслы өтиўин тиледи.
Мәмлекет басшылары ерисилген барлық келисимлерди әмелге асырыў бойынша «жол картасы»н таярлаўға тапсырма берди.
ӨзА